Президент Шавкат Мирзиёев 17-декабрь күни Сеулдеги миллий қойымшылыққа барып, марҳумлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Бул жерде Корея ғәрезсизлиги ушын гүрескен және урысларда қурбан болған инсанлар, мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер жерленген. Соның ушын бул уллы зыярат орны сыпатында қәдирленеди. Сырт ел басшыларының бул жерге келиўи корейс халқына ҳүрмет көриниси болып есапланады.

Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен биргеликте усы қойымшылықтағы естеликке гүл қойды ҳәм естелик қолтаңбасын қалдырды. Бул қол таңбакомплекс музейинен орын алады.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳүрметли мийманлар китабына қол қойды.

 

ӨзА