Уллы Британияда коронавирустың омикрон штаммы менен кеселленген наўқас вирус қурбаны болды.
«REGNUM»ның хабарына бола, бас министр Борис Жонсон журналистлерге медиклер бул вирурсқа шатылған бир неше наўқасты емлеўханаға жайластырғанын еслетип, олардың бири вирус қурбаны болғанын мәлим етти.
«Бир наўқас дүньядан көз жумғаны тастыйықланды», деди Жонсон Лондонның батысындағы вакцинация орайына келгенинен кейин.
Бурын Жонсон Британия пуқараларына омикрон штаммының тарқалыўы себепли еки доза жетерли емес екенлиги ушын вакцинаның үшинши дозасын алыўды усыныс еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги