Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма екинши жалпы мәжилиси 2021-жыл 15-декабрь күни саат 10:00 де Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының мәжилислер залында өз жумысын баслайды.

Жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс түринде 15-16-декабрь күнлери өткерилиўи режелестирилген.

Жалпы мәжилис «O‘zbekistоn» ҳәм «UzReport» телеканаллары және Сенаттың «YouТube»дағы рәсмий бети арқалы тиккелей сәўлелендириледи.