Америкалы диетолог Лиза Московиц диета ўақтында азанғы чай менен байланыслы ең қәўипли факторды мәлим етти. Бул ҳақында Eat This, Not That баспасы былайынша жазады.

Көбинесе азыўды қәлеўшилер желинетуғын калориялар муғдарын илажы барынша азайтыў ушын азанғы аўқаттан бас тартады.

Қәнигениң пикиринше, буны әмелге асырып болмайды. Азанда аўқатланбаў кейпияттың өзгериўине, ашлық ҳәм шаршаўға алып келиўи мүмкин, бул болса салмақ азайтыўға кесент етеди.

«Азанғы аўқат ушын пайдаланылған өнимлер күнниң қалған бөлегинде энергия резервиңиз, дыққат-итибар, ас сиңириў, кейпият, ашлық ҳәм метаболик жумысыңызға тәсир етиўи мүмкин», деп түсиндиреди Московиц.

Диетолог тек ғана азанғы аўқатты өткерип жибермеўди емес, ал олардың қурамында белок, тоқыма ҳәм майдың балансланған муғдарын тәмийинлеўди усыныс етеди. Егер азанғы аўқат таярлаўға ўақты жетпесе, Московиц сметана, йогурт, қуўырылған нан ҳәм бадам майы ямаса протеинли батончик жеўди мәсәләҳәт береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги