Пайтахтымызда жеңил атлетика түрине киретуғын спорт түрлерин және де раўажландырыў, мәҳәллелердеги балалар ҳәм жас өспиримлер арасында жуўырыў бойынша спорт түрин ғалаба ен жайдырыў, оларды физикалық жақтан шынықтырып барыў, қадағалаўсызлықтың және ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў мақсетинде өткерилип атырған «Биз епшил ҳәм шаққанбыз» атамасындағы жарыстың Нөкис қалалық басқышы болып өтти.
Оған пайтахтымыздағы мәкан пуқаралар жыйынларының 11-14 жастағы ул ҳәм қыз балалардан дүзилген командалары қатнасты.
Жарыста балалар 100, 400, 1500 метрге жуўырыў, узынлыққа секириў бойынша жеке түрде жарысқан болса, 4×100 метрлик эстафеталық жарыста 4 бала (қыз)дан ибарат командалар өз-ара күш сынасты.
Жеңимпазлар анықланып, жарыстың республикалық басқышына жоллама алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги