1-декабрь күни америкалы жазыўшы, жәҳән бестселлери – «Жағымлы сүйеклер» китабының авторы Элис Сиболд оны зорлаўда айыпланып, 16 жыл қамақта отырған адамнан халық алдында кеширим сорады. 2021-жылы ол адам ақланды.

«Мен, бәринен бурын, Энтони Бродуотерден шын кеўилден кеширим сорайман. Жүдә пушайманман ҳәм басыңыздан өткерген қыйыншылықлар ушын кеширим сорайман… 1982-жылы әдилсизликке жол қоймаў ҳәм жигиттиң өмирин мәңгиге өзгертиўге емес, ал әдилликке ерисиў ушын ҳәрекет еттим», – деп жазады Сиболд Medium блог-платформасында.

Жазыўшының қосымша етиўинше, ол полиция системасына исенген, бирақ ол қәтелескен. Ол сондай-ақ, оны зорлаған ҳақыйқый жынаятшы ҳеш қашан қолға түспейтуғынын тән алды.

1981-жылы Сиболд студентлик ўақтында белгисиз адам тәрепинен зорлыққа ушырады. Бир неше ай өткеннен соң, болажақ жазыўшы көшеде Энтони Бродуотерди ушыратып қалып, оны зорлаған адам деп «тән алады». Нәтийжеде, жигит 1982-жылы судланған. Қыз болса, бул ўақыяны өзиниң туңғыш дебют шығармасы «Бахыт» романында сәўлелендирген.

1982-жылдан 1998-жылға шекем Бродуотер қамақта отырды. Азатлыққа шыққаннан кейин ол жынысый зорлықлар дизиминде қалды. 2021-жыл ноябрьде жумыс қайта көрип шығылғанда жетерли дәлилсиз ҳүким етилгени анықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги