Қубла Африка Республикасы (ҚАР) шыпакери Унбен Пиллэй «омикрон» штаммы менен кеселленген наўқасларда кеселлик белгилери қалай бақланыўы ҳаққында айтып берди.

Оның сөзлерин Bloomberg агентлиги былай келтиреди: «ҳәзирше кеселлик «оғада жеңил көринисте» кешпекте, бирақ бир нәрсе деп айтыўға еле ерте».

«Наўқасларда грипп симптомлары болған, қурғақ жөтел, температура, түнде терлеў ҳәм денениң қақсап аўырыўын бақладық. Пикиримше, булардың ҳәммеси COVID-19дың биз көрген басқа да толқынлары менен сәйкес келеди», – деди Пиллэй.

Буннан алдын ҚАР медициналық ассоциациясы коронавирустың «омикрон» штаммы менен кеселлениў белгилери ҳаққында мағлыўмат берип, күшли шаршаў тийкарғы симптом екенин айтқан еди. Соның менен бирге, наўқаслардың бирде-биреўи де дәм ҳәм ийисти сезбеў жағдайы бақланбаған.

Ҳәзирги ўақытта ҚАРдан усы штамм менен кеселленген саны жүз адамнан артқаны айтылмақта. Сондай-ақ, «омикрон» штаммы Гонконг, Израиль, Бельгия, Чехия, Германия, Уллы Британия, Италия, Австралия, Португалия, Шотландия, Нидерландия ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерде де дизимге алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги