Президент Шавкат Мирзиёевтың «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайындағы шығып сөйлеген сөзи

 

Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, сиз, әзизлер менен «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында ушырасып турғанымнан қуўанышлы екенимди билдирип, ҳәммеңизге өзимниң терең ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўге руқсат еткейсиз.

Шынын айтқанда, мен бүгинги ушырасыўға көптен берли таярлық көрип киятырған едим. Елимиз жасларының мүнәсип ўәкиллери, ертеңги күнимиздиң ийелери болған сиз, әзиз ул-қызларымыз арасында жасымызға, лаўазымдағы парықларға итибар берместен, сизлер менен теңдей болып, шын жүректен сәўбет қурыўды көптен бери нийет етип келетуғын едим.

Бүгин сизлердиң кеўлиңиздеги, жүрегиңиздеги ой-пикирлер, мақсет-талаплар, керек болса, орынланбай турған нийетлер менен жақыннан танысыў, усы тийкарда жаслар сиясаты бойынша алып барып атырған жумысларымызды сын көз-қарастан баҳалап, тийисли қарарлар қабыл етиўди мен өз жумысым ушын оғада әҳмийетли деп есаплайман.

Жас әўладтың тәрбиясы барлық заманларда да әҳмийетли ҳәм тийкарғы итибарда болып келгени бәриңизге белгили. Бирақ, биз жасап атырған XXI әсирде бул мәселе шынында да оғада әҳмийетли турмыслық мәселеге айланып бармақта.

«Тәрбия қанша жетик болса, халық сонша бахытлы жасайды», дейди данышпанлар. Тәрбияның жетик болыўы ушын болса, бул мәселеде бослықтың пайда болыўына улыўма жол қойыўға болмайды.

Бәриңизге белгили, ҳәзирги күнде дүнья көлеминде реҳимсиз бәсекилик, қарама-қарсылық ҳәм қәўип-қәтерлер барған сайын кескин түс алмақта.

Диний экстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы, нызамсыз миграция, «ғалабалық мәденият» сыяқлы қәўип-қәтерлер күшейип, адамзат әсирлер даўамында әмел етип келген исенимлерге, шаңарақлық қәдриятларға зыян келтирмекте.

Мине, усындай ҳәм басқа да көплеген қәўиплер инсаният турмысында кескин машқалаларды келтирип атырғаны – әйне ҳақыйқат ҳәм буны ҳеш ким бийкарлай алмайды.

Бүгинги ушырасыўымызда әне, усы қыйын жағдайды есапқа ала отырып, елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат қалай әмелге асырылып атыр, бул салада қандай машқалалар бар, оларды қалай шешиўимиз керек, бул бағдарда жаслар шөлкеминиң орны қандай болыўы зәрүр, деген мәселелер туўралы ҳәр тәреплеме пикирлесип алсақ, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бүгинги күнде елимизде барлық салаларды модернизациялаў ҳәм жаңалаў процесслери жаңа басқышта жедел алып барылмақта.

Турмыс талапларынан келип шығып, елимиздеги көплеген мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң жумысы буннан былай да жетилистирилмекте.

Усы көз-қарастан қарағанда, тек ғана жасларымыздың емес, ал пүткил халқымыздың тәғдирине байланыслы болған «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң бүгинги күни ҳәм ертеңги перспективасы бәримизди ойландыратуғыны тәбийғый.

Буннан 16 жыл алдын, яғный 2001-жылы шөлкемлестирилген «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети өткен дәўир ишинде жаслардың турмысына кирип барып, олардың белгили бир бөлегин өз әтирапында бирлестириўге, өз Бағдарламасында ҳәм Уставында белгиленген мақсетлери менен ўазыйпаларын имканият дәрежесинде орынлаўға ҳәрекет етип киятырғаны сизлерге жақсы белгили.

Шөлкем тәрепинен жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың турмыста өз орнын ийелеўине көмеклесиў бойынша бир қанша унамлы жумыслардың әмелге асырылғанын әлбетте, тән алыўымыз керек.

Әйне пайытта талқылаўлар соны көрсетпекте, мазмун-мәнисине бола жаслардың ҳақыйқый таянышы ҳәм сүйениши болыўы зәрүр болған «Камолот» ҳәрекетиниң жумысында анық кемшиликлер менен нуқсанлар көзге тасланбақта.

Бириншиден, «Камолот»  пүткил Өзбекистан жасларын бирлестирген, шын мәнистеги ғалабалық ҳәрекетке айлана алмады. Ол тийкарынан өз әтирапында Ҳәрекеттиң жумысына қызығыўшы жасларды бирлестирип, тек ғана оларды қызықтырған мәселелер бойынша жумыс алып барды.

Нәтийжеде жаслардың кең қатламларына байланыслы болған әҳмийетли мәселелер, бәринен бурын, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды үлкен мақсетлерге қарай бағдарлаў, жәмлеспеген жаслар менен ислеў, қысқаша айтқанда, жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша өзин ҳақыйқый жаслар шөлкеми сыпатында көрсете алмады.

Мағлыўматларға бола, ҳәзирги ўақытта «Камолот»тың 4 миллионға шамалас ағзасы бар. Бул елимиздеги 10 миллионнан зыят жигит-қызлардың 40 процентин қурайды.

Бир қарағанда, 4 миллион – салмақлы сан болып көринеди. Деген менен, қалыслық пенен айтқанда, шөлкемге ағзалық көп жағдайларда тек ғана қағазда болып, әмелде болса көпшилик ағзалар «Камолот» ҳаққында анық түсиникке ийе емес, оның мақсетлери менен ўазыйпаларын билмейди, өз жетекшилерин танымайды, Ҳәрекеттиң жумысында қатнаспайды.

Нәтийжеде елимиздеги мыңлаған жаслар, әсиресе, аўыллық жерлерде тек ғана «Камолот»тың емес, соның менен бирге, мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң итибарынан шетте қалмақта. Олар менен ҳеш ким дерлик шуғылланбай атыр, олар өз ҳалына таслап қойылған, десек ашшы ҳақыйқатты тән алған боламыз.

Буның ақыбетинде жәмлеспеген, яғный, ислемейтуғын, оқымайтуғын, тайынлы бир жумысқа ийе болмаған, унамсыз тәсирлерге берилиўши жаслардың саны артып бармақта.

Жаслардың арасында жынаят ислеў, диний экстремистлик ағымларға, терроршы топарларға қосылып қалыў жағдайлары көбейип атырғаны бақланбақта.

2016-жылда жаслардың қатнасыўында 1 миллион 740 мыңға шамалас ҳуқықбузарлық, 23 мың 440 жынаяттың исленгени, жас шаңарақлар арасында 8 мыңнан зыят ажыралыў жағдайының анықланғаны бәршемизди айрықша тәшўишке салыўы керек.

Әлбетте, бул бағдарда ҳәмме айыпты тек «Камолот»қа жүклеп қойыў әдалаттан емес. Бул мәселеде жергиликли ҳәкимликлер, ишки ислер бөлимлери, прокуратура, суд, мәҳәлле мәкемелериниң де айыбы бар.

Әйне ўақытта бул мәселеде жаслар менен турақлы уйғын, пикирлес болып жасаўы, ислесиўи керек болған «Камолот» ҳәм оның орынлардағы бөлимлериниң жуўапкершилиги көбирек, десек, дурыс болады.

«Камолот» жумысындағы бундай кемшиликлердиң әлбетте объектив ҳәм субъектив себеплери бар.

Объектив себеплер мынадан ибарат болып, биз өз ўақтында «Камолот»ты жәмийетлик шөлкем сыпатында дүзип, лекин оннан үлкен бир министрликтиң ўазыйпасын талап ете басладық. Оған жүдә кең, үлкен ўазыйпаларды тапсырып қойып, бирақ оларды орынлаў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм әмелий ўәкилликлер, тийисли имканиятлар менен жеңилликлер жаратып бериў туўралы, тилекке қарсы, толық бас қатырмадық.

Ақыбетте «Камолот» жаслар турмысына байланыслы барлық нәрсеге жуўап беретуғын ҳәм әйне пайытта ҳеш нәрсеге жуўап бермейтуғын, морт ҳәм әззи бир структураға айланып қалғанын бүгин қаншелли аўыр болмасын, тән алыўымыз керек.

«Камолот» жумысына унамсыз тәсир көрсетип атырған субъектив себеплер туўралы сөз еткенде, оның көпшилик басшылары ҳәм хызметкерлери тәрепинен жумысқа рәсмийлик пенен, жүзеки ҳәм босаң қатнаста болыў, өзи боларлыққа, ишиўшиликке берилиў сыяқлы унамсыз жағдайларға жол қойып атырғанын да өкиниш пенен атап өтиў зәрүр.

Мен бүгинги әнжуманда «жаслардың жетекшиси» деген жоқары атқа улыўма жараспайтуғын бундай унамсыз жағдайлар ҳаққында сөз етип, сизлерди қысындырыў пикиринен жырақпан.

Сизлер қуралтай мәжилислеринде бул мәселелерди де додалап, оларға тийисли баҳа бересиз, деп ойлайман.

Тилекке қарсы, биз «Камолот»ты жасларымыз шын жүректен умтылатуғын, нәтийжели жумыс алып баратуғын, замангагөй күшли бир шөлкемге айландырыў ушын өз ўақтында тийисли шаралар көрмедик. Буны ашық тән алыўымыз ҳәм зәрүр шешим шығарыўымыз керек.

Мен бул сөзлерди аспаннан алып емес, ал анық фактлерден келип шығып айтып атырман.

Мине, Президенттиң Халық қабыллаўханалары ҳәм Виртуал қабыллаўханасына келип түсип атырған мүрәжатлар менен танысып көриң. Олардың көпшилиги «Бизди ҳеш ким тыңламайды», «Бизди ҳеш ким түсинбейди», «Биз бенен ҳеш ким қызықпайды», «Басшылар өзин ойлаў менен әўере» деген мазмунда жазылған.

Жасларға, олардың тәшўишлери менен машқалаларына әне, усындай менсинбестен қараў жағдайлары, тилекке қарсы, ҳақыйқат.

Биз жасларға әне, усындай итибарсыз, суўық қатнаста болсақ, оның ақыбети не болатуғыны анық – олар да бизден суўықласады.

Оқыўдан, жумыстан, жәмийеттен, мәмлекеттен, ҳәттеки, турмыстан кеўли суўып, халқымыздың ибарасы менен айтқанда, қолын жуўып, қолтығына суғады.

Бул туўралы сөз еткенде, тек ғана орынларда емес, ал Ҳәрекеттиң орайлық мәкемесинде де мийнет ҳәм турмыслық тәжирийбеге ийе болған маман кадрлардың жетиспеўшилиги унамсыз машқала болып турғанын атап өтиў керек.

Буның тийкарғы себеплеринен бири сонда, системада ислеп атырған хызметкерлерди материаллық хошаметлеўге ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўға толық итибар берилмей атыр.

Орташа айлық мийнет ҳақы 800 мыңды қурап атырғаны ушын олардың көпшилиги айлық мийнет ҳақысы жоқары болған басқа жумысларға өтип кетпекте.

Буның үстине, көп ғана ўәлаятлар менен районларда «Камолот» шөлкемлери ушын имаратлардың жетиспеўшилиги, олардың материаллық-техникалық базасының төменлиги, зәрүр мебельлер ҳәм инвентарьлар, байланыс ҳәм шөлкемлестириўшилик техника қураллары менен толық тәмийинленбегени, хызмет машиналарының жоқлығы да жумысқа унамсыз тәсир көрсетпекте.

Мысал ушын, аймақлық бөлимлердиң 81 и жергиликли ҳәкимият имаратында, 96 сы ҳәр қыйлы кәрханалардың ҳәм мәкемелердиң имаратында жайласқан. Бул өз-өзинен жаслардың өз шөлкемине еркин кирип-шығыўын қыйынластырмақта.

Базы бир мысалларға мүрәжат етейик.

Ферғана ўәлаятында Жаслар орайы имаратының биринши қабатында жаслар ушын мөлшерленген дөгереклердиң ҳәм клублардың жумысы тоқтатылып, бул имарат ҳәкимлик тәрепинен басқа шөлкемге берип жиберилген.

«Камолот»тың Ташкент ўәлаяты, Пискент районы кеңеси район ҳәкимлиги имаратында жумыс ислеп келген. Бирақ ҳәкимниң тапсырмасына бола, «Камолот»қа тийисли бөлмелер «Мәҳәлле» фондының районлық бөлимине алып берилген. «Камолот»қа болса, үшинши қабаттағы мәжилислер залынан тек атына ғана орын ажыратылған.

Қарақалпақстан Республикасының Кегейли, Ферғана ўәлаятының Сух районындағы «Камолот» шөлкемлери авариялық жағдайдағы имаратларда жайласқанына, не деўге болады!

Әне, усындай шыдап болмайтуғын және бир мысалды келтирмекшимен. «Камолот» ҳәрекетиниң Орта Шыршық районлық кеңеси «Элегант» деп аталатуғын келин-күйеўлер кийими салонында жайласқан. Буны қандай баҳалаў мүмкин!

Ҳәрекеттиң орынлардағы структураларының жумысы тар шеңберде шекленип, тийкарынан оқыўшы-жасларға  қаратылмақта. Буның нәтийжесинде жаслардың үлкен бөлегине Ҳәрекеттиң сөзи де, әмелий тәсири де жетип бармай атыр. Әсиресе, жәмлеспеген жаслар менен ислесиў мәселеси итибардан шетте қалып қоймақта.

«Камолот» тәрепинен өткерилип атырған көпшилик илажлардың, үгит-нәсият материалларының мазмун ҳәм сапасының төменлиги, олардың заман талабына жуўап бермейтуғыны, жаслардың аудиториясы менен жумыс алып барыўда интерактив усыллардың қолланылмай атырғанын атап өтиў орынлы.

Және бир унамсыз жағдай соннан ибарат, жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен «Камолот» баслықларын ҳәм хызметкерлерин оларға байланысы болмаған ўазыйпаларды орынлаўға, соның ишинде, аўыл хожалығы жумысларына, металлом тапсырыўға, абаданластырыў сыяқлы жумысларға, ең жаманы, ҳәр қыйлы мәжилислерге тартыў ҳәўиж алмақта.

Бундай аянышлы жағдай Ташкент қаласында да ушырасып, «Камолот»тың районлық кеңеслериниң баслықлары абаданластырыў жумысларына, имаратлардың фасадын оңлаўға тартылған.

Олар жумыс ўақтының тийкарғы бөлегин өзлерине бириктирилген «округ»лерде өткереди. Кешки пайыт болса, ҳәкимият мәжилислеринде есап береди. Өзинңиз айтың, олар қашан өзиниң тиккелей жумысы, яғный, жаслар мәселелеси менен шуғылланады!

Ең жаманы, орынлардағы айырым басшылар «Камолот» ушын мүнәсип шараят жаратып бериўдиң, жаслардың жетекшилерине жәрдем бериўдиң орнына оларға қопал қатнаста болыўды, абыройын төгиўди «жумыс усылы»на айландырып алмақта.

Мәселен, быйылғы жылдың 4-май күни Наўайы қаласындағы «Ёшлик» спорт комплексинде өткерилген үгит-нәсият илажларында қолайсыз ўақыя жүз берген. Ишки ислер басқармасының баслықларынан бири «Камолот»тың Наўайы ўәлаяты кеңесиниң баслығын көпшиликтиң арасында кейип, зорлық пенен илаждан шетлестирмекши болған.

Қәне, ишки ислер министри, А.Азизов, сиз бул мәселени қалай түсиндиресиз! Наўайы ўәлаятының ҳәкими, Қ.Турсунов, сизиң бул жағдайдан хабарыңыз бар ма! Бар болса, бул мәселе бойынша қандай шара көрдиңиз!

Усы бағдарда Әндижан ўәлаятынан да кеўилсиз бир мысал келтириўге туўра келеди. Өткен жылы Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы мүнәсибети менен ўәлаят «Камолот» ҳәрекети кеңесине Әндижан қаласы абаданластырыў басқармасы тәрепинен салтанатлы түрде жаңа автобус тапсырылған.

Лекин, мәресим жуўмақланыўдан автобус алып қойылып, оның орнына гөне транспорт қуралы берилген. Айтыңлар, бундай «ойын»лар, көзбояўшылық пенен биз жасларға қандай тәрбия берип атырмыз!

Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш.Абдураҳманов, сиз буған не дейсиз!

Тилекке қарсы, бундай кемшиликлерди республика көлеминдеги министрликлер менен ведомстволардың жумысында да ушыратыў мүмкин.

Халық билимлендириў министри Улуғбек Инаятов, айтыңыз-шы, сиз өз системаңыз бойынша жаслардың жетекшилери менен қашан ушырастыңыз! Cиз басшылық етип атырған салада ислеп атырған педагоглардың неше процентин жаслар қурайды! Олардың қаншасы «Камолот» ағзалары есапланады!

Ҳәзирги ўақытта көплеген аўыллық жерлерде ҳәр қыйлы руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў ушын заманагөй инфраструктура тармақлары дерлик жоқ. Мәселен, Бахмал, Мирзаобод, Ховос, Орта Шыршық районларында жаслар ушын дем алыў бағлары, кинотеатрлар улыўма жоқ.

Және бир мысал. Бухара қаласында жайласқан Ибн Сино атындағы дем алыў бағы Министрлер Кабинетиниң қарарына бола, 2016-жылдың ноябрь айына шекем реконструкцияланып, «Камолот» балансына жаслар орайы сыпатында өткерилиўи керек еди. Лекин қаржы жетиспеўшилиги себепли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары тоқтап қалған.

Қәне, әне, усы қалалар менен районлардың ҳәкимлери, тийисли басшылар, бул мәселелерге қандай баҳа бериўиңиз мүмкин!

Сизлер басшылық еткен аймақларда жасайтуғын жаслар зериккенинен не ислеўди билместен, унамсыз ислерге берилиўи, тәртипсизлик, жынаят жолына кириўи, зыянлы ағымларға қосылып кетиўи мүмкинлиги неге енди сизлерди тәшўишке салмайды!! Жаслар ушын барлық шараятларды жараттық, деп биз кимди алдап атырмыз!

Усы мүнәсибет пенен барлық үлкен-киши басшылар қулағына қорғасындай қуйып алсын: биз енди сизлердиң жумысыңызға пахта ямаса ғәллеге қарап емес, бәринен бурын, сизлердиң жасларға, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатқа болған қатнасыңызға қарап баҳа беремиз.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бундай сын пикирлерди және узақ даўам етиўимиз мүмкин. Лекин мақсет – тек ғана сынға алыў емес. Мақсет усы гәплерден дурыс жуўмақ шығарып, тилге алынған ҳәр бир машқала бойынша әмелий шешим табыўдан ибарат.

Биз бүгинги Өзбекистан шараятында жаслар шөлкеми қандай болыўы керек, деген мәселени тийисли басшылар, илимпазларымыз, эксперт ҳәм қәнигелер, жаслардың ўәкиллери менен көп мәрте додаладық.

Бул бағдарда дүнья тәжирийбесин, алыс-жақындағы ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрендик. Дүньядағы раўажланған, демократиялық мәмлекетлерде жаслар шөлкемлери дәбдебели, бәлентпәрўаз илажлар өткериў емес, ал жаслар менен тиккелей ислесиў, олар менен әмелий пикирлесиў, оларды ойландырып атырған турмыслық машқалаларды шешиўге тийкарғы итибарды қаратады.

Ҳәзирги ўақытта бәриңиз «көк экран» арқалы көрип атырсыз, биз орынларда жәмийетшилигимиз, бәринен бурын, жасларымыздың ўәкиллери менен турақлы пикирлесиўлер өткерип атырмыз. Бул ушырасыўларда бир пикир қайта-қайта айтылмақта. Яғный, Өзбекистан жаслары рәсмийликтен, мапазбазлықтан жырақ, нәўқыран әўлад мәплериниң ҳақыйқый қорғаўшысы бола алатуғын демократиялық жаслар шөлкемин дүзиў туўралы өз тилеклерин билдирмекте.

Бунда бурынғыдай барлық жасларды бир шөлкемге «ықтиярий-мәжбүрий» тийкарда бирлестириў емес, керисинше, олардың арзыў-нийетлери, турмыслық ҳәм кәсиплик қызығыўшылығы шеңберинде, социаллық мақсетлери бойынша шөлкемлестириў дурыс болады, деген усыныслар алға қойылмақта.

Мениң нәзеримде, бундай пикирлерде терең тийкар ҳәм логика бар. Бул усыныстың абзаллығы сонда, ол мәмлекет жасларының барлық категориялары менен топарларын қамтып алады, ең әҳмийетлиси, оларды демократиялық принциплер тийкарында бирлестиреди.

Бул, өз гезегинде, бүгин Өзбекистанда алып барылып атырған демократиялық реформалар процеси менен үйлес екени айрықша итибарға ийе.

Әне, усылардың барлығын есапқа алып, елимизде жаслардың шын мәнисиндеги сүйениши ҳәм таянышы бола алатуғын улыўма жаңа шөлкем – Өзбекистан жаслар аўқамын шөлкемлестирсек, не дейсизлер!

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Ҳәр қандай реформа, атап айтқанда, миллионлаған жаслардың турмысына ҳәм келешегине тиккелей байланыслы болған өзгерислер ҳәр тәреплеме терең ойлап ис көриўди, жети өлшеп бир кесиўди талап ететуғыны белгили.

Усы көз қарастан биз бүгин жаңа жаслар шөлкемин дүзбекши екенбиз, асықпастан, салмақлылық пенен жумыс ислеўимиз, бул мәселениң барлық унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин өзимизге айқын көз алдымызға келтирип, соннан кейин бир шешимге ҳәм қарарға келиўимиз зәрүр.

Бул бағдарда бәринен бурын болажақ шөлкемниң ҳуқықый статусын, тийкарғы мақсетлери менен ўазыйпаларын, оның социаллық турмысымыздағы орнын ҳәм абыройын, абырой-мәртебесин арттырыўға айрықша итибар қаратыў зәрүр.

Усы мақсетте Өзбекистан жаслар аўқамының басшысы соның менен бирге, Өзбекистан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты бойынша мәмлекетлик кеңесгөйи лаўазымында жумыс алып барыўын ҳуқықый тийкарда белгилеп қойыў лазым. Соның менен бирге, ол Президент пәрманына бола, Олий Мажлис Сенатының ағзасы етип тайынланады.

Шөлкемниң Қарақалпақстандағы кеңесиниң баслығы Республика Жоқарғы Кеңеси Баслығының, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық бөлимлердиң баслықлары болса, тийисли ҳәкимлердиң жаслар сиясаты бойынша кеңесгөйлери етип тайынланыўы мақсетке муўапық.

Мине, көрип турсыз, Өзбекистан жаслар аўқамының басшыларына қандай үлкен статус ҳәм ўәкиллик берилип атыр.

Өзбекистан жаслар аўқамының структуралық қурамы туўралы сөз еткенде, бир мәселеге айрықша әҳмийет бериў керек.

Ҳәзирги ўақытта улыўма билим бериў мектеплериндеги басланғыш класс оқыўшылары менен ислесиў ушын «Камалак» балалар шөлкеми ҳәрекет етип атырғаны белгили.

Сондай-ақ, жас исбилерменлер ҳәм фермерлер менен жумыс алып баратуғын Жаслардың исбилериенлигин ҳәм фермерликти қоллап-қуўатлаў орайы, талантлы ҳәм дөретиўши жаслар менен ислесиў ушын Жаслар басламалары орайы сыяқлы структуралар да шөлкемлестирилген.

Лекин тән алыў керек, бүгин олардың көпшилиги талап дәрежесинде жумыс алып бармай атыр. Бул структуралардың жумысын жеделлестириў, оларға жаңа мазмун ҳәм руўх бағышлаў керек.

Усы мүнәсибет пенен улыўма билим бериў, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў системасында «Камолот» нәтийжели жумыс алып барғанын есапқа ала отырып, усы системадағы «Камолот» шөлкемлери тийкарында Өзбекистан жаслар аўқамының бөлимлерин шөлкемлестириў мүмкин.

Келешекте болса, жаслардың архыў-нийетлерине бола, Жас илимпазлар аўқамы, Жасларға социаллық-психологиялық жәрдем көрсетиў орайы, Жаслар туризми аўқамы, Спорт клублары ҳәм фитнес орайлары аўқамы, Имканияты шекленген жаслар аўқамы ҳәм басқа да шөлкемлер дүзилиўи мүмкин.

Әлбетте, бул структураларды қандай атаў, олардың ўазыйпаларын белгилеў бойынша бәринен бурын сизлер барлық қатарларыңыз бенен пикирлесип, усы тийкарда бир қарарға келиўиңиз тәбийғый.

Өзбекистан жаслар аўқамы ҳәзир бар болған ҳәм келешекте дүзилетуғын бул аўқамлардың барлығын бирлестирип, оларға тек ғана қаржылай емес, ал материаллық-техникалық көз-қарастан, бәринен бурын, идеялық-методикалық, руўхый жақтан әмелий жәрдем көрсететуғын, олардың жумысын муўапықластыратуғын тийкарғы шөлкем сыпатында жумыс алып барады.

Әйне пайытта бәримиз түсинемиз, Өзбекистан жаслар аўқамының жумысын дәслепки ўақытта ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оның өзин тиклеп  алыўы ушын мәмлекет тәрепинен зәрүр жәрдем берилиўи зәрүр.

Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў тек ғана Президент аппаратының емес, ал барлық буўындағы мәмлекетлик уйымлар басшыларының турақлы жумысына айланыўы зәрүр. Буннан былай бул салада анық система тийкарында жумыс алып барамыз.

Нызамшылық палатасының Спикери ҳәм Сенат баслығынан баслап, Бас министр менен оның орынбасарлары, Бас прокурор, министрликлер менен ведомстволар, компания ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшыларына шекем орайда ҳәм орынларда ҳәр бир сала бойынша жаслар менен ушырасып, турақлы пикирлесиў алып баратуғын тәртип енгизиўимиз зәрүр.

Усы мүнәсибет пенен бәринен бурын ҳәзир күнде жумыс ислеп атырған структуралар менен, соның ишинде, билимлендириў системасындағы жаслар шөлкемлери менен – Бас министр А.Арипов ҳәм жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов, халық билимлендириў министри У.Иноятов, және салада Жаслардың исбилерменлигин ҳәм фермерликти қоллап-қуўатлаў орайы менен – Бас министрдиң биринши орынбасары А.Раматов, Бас министр орынбасары З.Мирзаев ҳәм Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов, Жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў орайы менен – Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султонов ҳәм мәденият министри М.Муратов турақлы жумыс алып барыўы керек.

Сондай-ақ, келешекте шөлкемлестирилетуғын Жаслар туризм аўқамы менен – Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоров ҳәм Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Шарапов, Жас илимпазлар аўқамы менен – Бас министрдиң орынбасары У.Розиқулов ҳәм Илимлер академиясының президенти Б.Йўлдошев, спорт клублары ҳәм фитнес орайлары аўқамы менен – Бас министрдиң орынбасары Ғ. Ибрагимов және Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Р.Қурбонов, Имканияты шекленген жаслар аўқамы менен – Бас министрдиң орынбасры Т.Норбоева ҳәм денсаўлықты сақлаў министри А.Шодмонов, Жасларға социаллық-психологиялық жәрдем көрсетиў орайы менен – Бас прокурор И.Абдуллаев ҳәм әдиллик министри М.Икромов системалы тийкарда жумыс алып барыўы, басқаша айтқанда, оларға аталық етиўи мақсетке муўапық болады.

Соның менен бирге, орынларда ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, суд, прокуратура, ишки ислер уйымлары, денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириў шөлкемлери жаслар менен турақлы пикирлесиўди жолға қойыўы, олардың алдында турақлы түрде есап берип барыўы зәрүр.

Өзбекистан жаслар аўқамының орынлардағы кеңеслериниң баслықлары менен белсендилери әлбетте, сайлаўларда қатнасып, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине, керек болса, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына сайланыўы да үлкен әҳмийетке ийе.

Екиншиден,  Өзбекистан жаслар аўқамы мәмлекет ҳәм жәмийет ушын басшы кадрларды таярлап беретуғын өзине тән орай болыўы, заманагөй тилде айтатуғын болсақ, жаслар ушын «социал лифт» ўазыйпасын  орынлаўы керек. Ол билимли, инталы ҳәм шөлкемлестириўши, пидайы жас басшылардың кадрлар резервин жаратыўы керек.

Усы мақсетте Президент жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы жанында Жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институтын шөлкемлестириў зәрүр.

Бас министр А.Арипов, Мәмлекетлик кеңесгөй У.Исмоиловқа ҳәм академияның ректоры Р.Қосимовқа бир ай мүддетте усы мәселе бойынша тийисли қарар жойбарын таярлап, тастыйықлаў ушын киргизиў ўазыйпасы тапсырылады.

Өзбекистан жаслар аўқамы шөлкемлеринде өзин унамлы жақтан көрсеткен хызметкерлер Мәмлекетлик басқарыў академиясында билимин ҳәм маманлығын арттырып, ҳәкимликлер менен министрликлер системасында басшылық лаўазымлары ушын тийкарғы талабанлар етип таярланыўы керек. Бундай тәжирийбе алдын да болған ҳәм жақсы нәтийже берген еди.

Үшиншиден, Өзбекистан жаслар аўқамының абыройын ҳәм тәсирин арттырыў ушын елимизде жаслардың мәпин тәмийинлеўге қаратылған жумысларда оның қатнасыўын ҳәр тәреплеме кеңейтиў зәрүр.

Жаслар, жас шаңарақлар ушын жеке турақ жайға ийе болыў қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екенин есапқа ала отырып, биз бул бағдарда баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттириўимиз керек.

Барлық районлар менен қалаларда, соның ишинде, алыс аймақларда «Жаслар үйлери»н қурыў бойынша төрт жылллық анық реже ислеп шығыў ҳәм 2018-жылдан оны орынлаўды баслаў лазым.

Бул бағдарда халық тығыз жасайтуғын Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында, атап айтқанда, шараяты аўыр болған Орайлық Ферғана регионында жас шаңарақлардың турақ жайға болған талабын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў керек.

Улыўма, аўыллық аймақларда жасап атырған, турақ жайға мүтәж жас шаңарақларды жеңилликли кредитлер тийкарында арзан турақ жай менен тәмийинлеў бойынша ўәкилликти енди Өзбекистан жаслар аўқамына бериў мәселеси Министрлер Кабинети тәрепинен көрип шығылыўы лазым.

Төртиншиден, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси биз ушын еле де ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Бүгинги күнде жаслар ушын жаңа жумыс орынларын ашыў, олардың ҳадал мийнет етип, дәрамат табыўы мақсетинде көп жумыслар исленбекте. Лекин, соған қарамастан, бул бойынша машқалалар да аз емес.

Елимизде жумыссызлардың көпшилик бөлегин колледж питкериўшилери қурамақта. Мәселен 2016-жылы 477 мың 743 жас жигит-қыз колледжлерди питкерген ҳәм олардың 438 мың 503 и ямаса 91,8 проценти жумыс пенен тәмийинленгени ҳаққында мағлыўмат берилген.

Сораў туўылады: бул санлар қаншелли дурыс! Егер барлық колледж питкериўшилер жумысқа жайласқан болса, жумыссыз жаслар қай жерден пайда болмақта!

Колледж питкериўшилери менен төрт тәреплеме шәртнамаларға атына ғана қол қойып, өзимизди өзимиз алдап атырған жоқпыз ба!

Жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ушын бәринен бурын олардың арасында исбилерменликти кеңнен раўажландырыў, бул бағдарда жаңа имканиятларды жаратыў мақсетинде биз бир қатар илажларды нәзерде тутпақтамыз.

Бул бағдарда Экономика министрлигине, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине, Мәмлекетлик бәсекилик комитетине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятларға ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине ҳәр бир район (қала) орайында Жаслардың исбилерменлик кластерлерин шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылады.

Әне, усы кластерлердиң жумысын жолға қойыў ушын электр энергиясы, тәбийғый газ, суў ҳәм транспорт коммуникациясы, байланыс қураллары ҳәм Интернетке жалғаныў имканияты бар болған аймақларда пайдаланылмай жатырған мәмлекетлик объектлер жас исбилерменлерге «ноль»лик баҳа менен ижараға бериледи.

Барлық аймақларда шөлкемлестирилип атырған экономикалық зоналарда, қалаларда болса, киши санаат зоналарында Өзбекистан жаслар аўқамының ағзасы болған жас исбилерменлерден Ижара ҳақы алынбайтуғын тәртип енгизиледи.

Буннан тысқары, өз бизнесин баслап атырған жас исбилерменлерге жеңилликли баҳаларда юридикалық, техникалық ҳәм басқа да мәсләҳәт жәрдемлерин көрсетиўди жолға қойыў лазым.

Бул мәселе бойынша қаржы министри Б.Хужаев ҳәм Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов бир ай мүддетте тийисли усынысларды ислеп шығып, усыныўы зәрүр.

Сондай-ақ, тийисли экономикалық илажларды әмелге асырыў есабынан Өзбекистан жаслар аўқамының бюджет қаржыларын еки есеге көбейтиў режелестирилмекте.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоров, қаржы министри Б.Хужаев ҳәм Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Б.Парпиев бул мәселеге жуўапкер болып табылады.

Экономика министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және «Өнермент» ассоциациясына тапсырма: өнертментлик бағдарындағы исбилермен жаслар, әсиресе, қызлардың жумысты үйге алып ислеў менен бәнт болыўы ушын қолайлы шараят жаратып берилсин. Бул бағдарда бос турған объектлерден жеңилликли шәртлер тийкарында орын ажыратыў, мини-технологиялар, әсбап-үскенелер менен зәрүр буйымларды орнатып бериў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, жас өнерментлерге шийки зат сатып алыў ушын кредитлер бериў, өз бизнесин баслаған жас исбилерменлер тәрепинен Пенсия қорына төленетуғын қамсызландырыў төлемин алынған кредитлерди қаплаўға бағдарлаў системасы енгизиледи.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлерине тапсырма: сынақ түринде 11 жыллық мәжбүрий орта билимлендириў системасына өтиў мүнәсибети менен босайтуғын колледж устаханалары тийкарында жасларды, әсиресе, жәмлеспеген жасларды 6 айға шекемги болған мүддетте бийпул оқытыў ҳәм кәсипке қайта оқытыў орайлары шөлкемлестирилсин.

Әйне пайытта қолына диплом алып, ғәрезсиз жумыс баслап атырған жасларымыз ушын да қосымша имканиятлар менен жеңилликлер жаратып бериледи.

2018-жылдың 1-январынан баслап кәсип-өнер колледжлериниң, академиялық лицейлердиң ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң биринши мәрте жумысқа жайласқан питкериўшилери бул имканиятлардан пайдаланады.

Яғный, билимлендириў мәкемесин тамамлағанына үш жыл болмаған болса, олардың мийнет ҳақысынан алынатуғын дәрамат салығы биринши жылы 50 процент, екинши ҳәм үшинши жылларда болса, 25 процентке азайтылады.

Сондай-ақ, Жаслар аўқамының ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң баслықларын хошаметлеў, шөлкемниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде «Асака» банкиниң 10 жыл мүддетке шекем мөлшерленген, басланғыш төлеми 15 процентлик жеңилликли кредитлери тийкарында оларға өзимизде ислеп шығарылған «Матиз» ҳәм «Дамас» автомобильлерин жеке мүлк сыпатында сатып алыўда қолайлық жаратылады.

Усы кәрханалар тәрепинен төленетуғын салық түсимлериниң 20 процентин Өзбекистан жаслар аўқамына өткерип бериў тәртибин енгизиў керек.

Және бир мәселе – Өзбекистан жаслар аўқамы ўәлаятлар менен районларда заманагөй «Жаслар кинотеатрлары»н қурыў жумысына бас-қас болса, жақсы болар еди. Бул ушын «Ўзсанаотқурилишбанк» тәрепинен 5 жыл мүддетке берилетуғын жеңилликли кредитлер тийкарында айрықша бағдарлама ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў усыныс етиледи.

Жаслар аўқамының белсенди ағзасы болған, бакалавриат ҳәм магистратура студентлерине орташа өзлестириў көрсеткиши 86 процент ҳәм оннан жоқары болғанда билимлендириў бойынша шәртнама төлеми муғдарының 35-40 процентин шөлкем есабынан төлеў арқалы материаллық жәрдем көрсетиў де нәзерде тутылмақта.

Өзбекистан жаслар аўқамының системасында 3-5 жыл ҳәм оннан көбирек белсенди ислеп киятырған, ипотека кредити тийкарында турақ жай сатып алыў тилегин билдирген хызметкерлердиң ҳәр жылы 140 ына 25-30 процент муғдарындағы басланғыш төлем шөлкем қаржылары есабынан төленеди.

Сондай-ақ, Жаслар аўқамының ўәлаятлық, қалалық ҳәм районлық кеңеслериниң баслықларын хошаметлеў, шөлкемниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде коммерциялық банклердиң 10 жыл мүддетке мөлшерленген, басланғыш төлеми 15 процентлик жеңилликли кредитлер тийкарында оларға өзимизде ислеп шығарылған «Матиз» ҳәм «Дамас» автомобильлерин жеке мүлк сыпатында сатып алыўда қолайлық жаратылады.

Егер ҳәзирги баҳада орташа 46 миллион сум болған бул кредитти қайтарыў мүддети  әмелде 3 жыл, проценти болса, 30 процент екенин есапқа алсақ, нәтийжели жумыс ислеп атырған жаслар жетекшиси буннан қанша экономикалық пайда көретуғынын көз алдымызға келтириў қыйын емес.

Және бир әҳмийетли мәселе – енди ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң жаслар сиясаты, социаллық раўажланыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша орынбасарлары, районлық ишки ислер бөлими баслықларының жаслар бойынша орынбасарлары Өзбекистан жаслар аўқамының усынысы менен лаўазымға тайынланады.

Бул әлбетте орынлардағы мәмлекетлик басқарыў уйымларының Өзбекистан жаслар аўқамы структуралары менен  бирге ислесиўин сапа жағынан арттырыўға хызмет етеди.

Бесиншиден,  жаслардың турмысы, ой-кеширмелери, арзыў-нийетлери, ең әҳмийетлиси, оларды қыйнап атырған мәселелер, тилекке қарсы, радио ҳәм телевидениеде, газета ҳәм журналларда толық сәўлеленбей атыр.

Былай қарағанда, ҳәммеси өз жайында, әлем гүлистан. Егер ҳәммеси орнында болса, дурыс жолдан адасқан жаслар, жынаятшылық, жумыссызлық қай жерден пайда болмақта! Неге жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатқа итибарсыз қатнаста болып атырған ҳәмелдарлар туўралы ғалаба хабар қураллары, бәринен бурын, жаслар баспасөзи сөз етпейди!

Мәселен, «Камолот» радиосын, «Камолот»тың Интернет сайтын алатуғын болсақ, оларда өткерилген жүзеки илажлар, жеңил-желпи қосықлар, өзин-өзи мақтаў, шырайлы келбетлерден басқа нәрсени дерлик көрмеймиз.

«Ёшлар» телерадиоканалы да өз имканиятларынан нәтийжели пайдалана алмай атыр. Усы мүнәсибет пенен усы каналдың жумысын күшейтиў, оның 50 процент акциясы Өзбекистан жаслар аўқамына тийисли болыўы, оның директоры усы шөлкемниң Орайлық кеңеси тәрепинен лаўазымға тастыйықланыўы бойынша Бас министр А.Ариповқа, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы Х.Мирзоҳидовқа, әдиллик министри М.Икромовқа бир ай мүддетте тийисли усыныс таярлаў ўазыйпасы тапсырылады.

Ҳәзирги ўақытта жасларға мөлшерленген «Туркистон» газетасы 9 мың 500 нусқада, «Молодёжь Узбекистана» газетасы 2 мың 800, «Ёш куч» журналы 3 мың нусқада басып шығарылып атырғанын қанаатланарлы түрде баҳалаў мүмкин бе! Елимизде  10 миллионнан аслам жаслар болатуғын болса, бул санлар биз ушын уят емес пе!

Мысал ушын, «Туркистон» газетасына Ферғана ўәлаятында 225, Сурхандәрья ўәлаятында 134, Самарқанд ўәлаятында 54, Сырдәрья ўәлаятында болса, тек ғана 40 данаға жазылыў болғанын, айтың, қалай түсиндириў мүмкин!

Шынында да, республикамыздағы барлық министрликлер менен ведомстволар, ири компаниялар хызметкерлериниң көпшилигин жаслар қурайды. Лекин, әне, усы шөлкемлерде жаслар баспаларына жазылыў мәселеси қандай!

Қәне, «Ўзбекнефтгаз» компаниясының баслығы А.Султонов, сиз бул сораўға қалай жуўап бересиз! Сиз өз системаңыздағы жаслардың қандай баспасөз басылымларына жазылғаны, қандай китапларды оқып атырғаны, улыўма, олардың руўхый дәрежеси, дүньяқарасы менен ҳеш қызығып көргенсиз бе!

Мырза А.Султоновқа берген бул сораўымды мен басқа көплеген басшыларға да бериўим мүмкин ҳәм исенимим кәмил, жуўаптың мине, усындай қанаатланарсыз болатуғыны анық.

Өзиңиз ойланың, әзийз дослар, жасларымыз өзимиздиң газета-журналларымызды оқымаса, өз миллий әдебиятымыз бенен көркем өнеримизди билмесе, олар қалайынша  өз Ўатанын сүйеди! Олардың сана-сезими, дүньяқарасы нениң есабынан қәлиплеседи!

Буннан келип шығатуғын жуўмақ сол, үлкен-киши басшылардың барлығы бул мәселе бойынша жеке жуўапкер екенин умытыўға ҳешқандай ҳақысы жоқ.

Әйне пайытта жаслардың аудиториясына қәнигелескен ғалаба хабар қураллары да өз жумысын түп-тийкарынан өзгертиўи лазым.

Бәринен бурын, қуры рәсмий гәплерден қашыў, сын талқылаў, креативлик қатнас, бүгинги турмысты пүткил көлеми, мазмуны, керек болса, қыйыншылығы менен сәўлелендириўде журналистлеримиз белсендилик көрсетиўи керек.

Усы мәнисте, жаңадан шөлкемлестирилген Халықаралық пресс-клубқа уқсап, Өзбекистан жаслар аўқамының да өз баспасөз клубын ашыў пайдадан жырақ болмайды.

Өткир ҳәм әҳмийетли машқалаларды сизлер айтпасаңыз, бәрибир халықтың өзи айтады. Ақыры, сизлердиң ўазыйпаңыз турмыстан бир қәдем алдында жүриў емес пе!

Биз ушын ең әҳмийетли болған және бир мәселе – бул жас қызлар тәрбиясы менен байланыслы.

Усы мүнәсибет пенен Бас министрдиң орынбасары Т.Норбоеваға мүрәжат етпекшимен: сиз басшылық етип атырған Ҳаял-қызлар комитети тек ғана «Зульфияшы қызлар» менен шекленип қалмастан, елимиздеги барлық қызлар менен белсене жумыс алып барыўы зәрүр.

Әсиресе, қызларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, талантын ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў, олардың арасында ҳақыйқый жетекшилерди тәрбиялаў жумысларын буннан былай да күшейтиў керек. Усы бағдарда мен қызларымыз ушын айрықша басылым – мейли, оның аты «Қизларжон» бола ма, «Дугоналар» бола ма жаңа журнал шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Ҳәзирги күнде елимизде китапқумарлықтың дәрежесин арттырыў, оқыў мәдениятын жетилистириўге үлкен әҳмийет берилип атырғаны сизлерге белгили. Лекин, көплеген балаларымыз китаптан узақласып, көп ўақтын социаллық тармақларда өткерип атырғаны да – ҳақыйқат.

Әлбетте, биз Интернет ҳәм басқа да заманагөй мәлимлеме дәреклериниң орнын ҳәм әҳмийетин бийкарлай алмаймыз. Бүгинги турмысымызды Интернетсиз көз алдымызға келтириўдиң өзи қыйын.

Соны есапқа ала отырып, Өзбекистан жаслар аўқамының Интернет системасы арқалы руўхый үгит-нәсият жумысларын, соның ишинде, электрон китапқумарлықты күшейтиў зәрүр.

Неге дегенде, биз перзентлеримиздиң санасын, дүньяқарасын әсирлер даўамында сынақтан өткен, жоқары руўхыйлықтың ғәзийнеси болған дүнья ҳәм миллий әдебиятымыз тийкарында емес, ал қандай да бир гүманлы, зыянлы мәлимлемелер тийкарында қәлиплесиўине бийпарқ қарап тура алмаймыз.

Халқымыздың, бәринен бурын, жасларымыздың арасында китапқумарлық дәрежесин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында ҳәр жылы «Ең китапқумар мектеп», «Ең китапқумар мәҳәлле», «Ең китапқумар шаңарақ» сыяқлы бағдарларда таңлаўлар өткериў, жуўмақлаўшы басқыш жеңимпазларын сыйлықлаў ушын қымбат баҳалы саўғалар, соның ишинде, елимизде ислеп шығарылған автомобиллерди сыйлық сыпатында бериў, бул үлкен хошамет болады, деп ойлайман.

Бас министр А.Ариповқа ҳәм Мәмлекетлик кеңесгөй Х.Султоновқа усы мәселе бойынша бир ай мүддетте усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылады.

Сондай-ақ, «Китап дүньясы» дүканларының тармағын Өзбекистан жаслар аўқамының қарамағына бериў ҳәм жас дөретиўшилердиң китаплары және «Туркистон», «Молодежь Узбекистана» газеталары, «Ёш куч» журналларын басып шығарыў ушын «Жаслар баспасы үйи»н шөлкемлестириў ўақты келди, деп ойлайман.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекистан жаслар аўқамына улыўма билим бериў мәкемелериниң китапханаларын 10 миллиард сум қаржы есабынан көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў имканиятын жаратып бериў зәрүр. Тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте ол ҳәр жылы улыўма билим бериў мәкемелери китапханаларының талабын үйренип, көркем әдебиятларды сатып алыў жумысларын шөлкемлестириўи лазым.

Усы бағдарда және бир әҳмийетли жойбар – 2020-жыл  1-декабрьге шекем ҳәр бир районда ҳәм қалада Өзбекистан жаслар аўқамына қараслы, барлық қолайлықларға ийе болған китапхана ҳәм китап дүканын да өз ишине алған киши Жаслар орайларын қурыў жойбарын әмелге асырамыз.

Келешекте Қарақалпақстан Республикасындағы, барлық ўәлаятлардағы ҳәм Ташкент қаласындағы ҳәр бир районда бир колледждиң имаратын Өзбекистан жаслар аўқамының қарамағына бериў зәрүр.

Бул имаратлар тек ғана шөлкемниң басқарыў мәкемеси болып қалмастан, оларда жаслардың қатнасыўында ҳәр қыйлы руўхый-ағаратыўшылық илажлар, илим ҳәм кәсип-өнер дөгереклери, спорт жарыслары, әдебий ҳәм поэзиялық кешелер, көркем ҳәм өнерментлик көргизбелерин өткериўди әлбетте жолға қойыў керек.

Алтыншыдан,  елимизде жәмийетлик-руўхый орталықты жақсылаў, жасларды ҳәр қыйлы диний экстремистлик ағымлардың тәсиринен сақлаў мәселеси бәримиз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып тур.

Мектепте, лицей-коледжде яки мәҳәлледе бир бала адасып, надурыс жолға кирип кетип, буннан бәринен бурын оның қатарлары, жаслар шөлкеми хабардар болыўы, ҳеш кимди тыныш қалдырмастан, жар салыўы керек емес пе!

Усы мәнисте, бүгинги күнде елимизде барған сайын кең тарқалып атырған «Өз балаңды өзиң сақла!» деген шақырық тек қуры сүрен болып қалмастан, ҳәр бир ата-ананың, ҳәр бир пуқараның кеўлине, жүрегине терең кирип барыўы, әмелий ҳәрекетке айланыўы зәрүр.

Соның ушын бул мәселени, яғный, ата-аналардың перзентлер тәрбиясы ушын жуўапкершилигин ҳәм ўазыйпасын ҳуқықый тийкарда беккемлеп қоятуғын ўақыт келди, деп ойлайман.

Мәмлекетлик кеңесгөй О.Муродов, әдиллик министри М.Икромов бир ай мүддетте усы мәселе бойынша тийисли усынысларды таярлап, киргизиўи зәрүр.

Ҳәзирги ўақыта шет елде ислеп жүрген айырым жаслардың терроризм ҳәм экстремизм шеңгелине түсип атырғанына байланыслы машқалалар бәримизди қыйнамақта.

Лекин, қайсы бир ҳәким ямаса министр, қайсы жәмийетлик шөлкемниң басшысы мине, усы жаслар шет елде не ислеп жүр, қалай күн кеширип атыр, деп қызығып атыр!

Дурыс, көплеген мәмлекетлерде өз пуқаралары болған, шет елдеги жаслар менен ислесиў бойынша структуралар бар. Олардың тәжирийбесин үйренип, биз де шет еллерде оқып атырған, мийнет ислеп атырған жаслар менен жумыс алып баратуғын, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғайтуғын бир шөлкем дүзиўимиз керек. Өзимиздиң балаларымыз туўралы өзимиз ойламасақ, ким ойлайды!

Бул мәселе бойынша Мәмлекетлик кеңесгөй А.Юнусходжаев, сыртқы ислер министри А.Комилов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри А.Абдуҳакимов Өзбекистан жаслар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте усыныс киргизсин.

Жетиншиден, Өзбекистан жаслар аўқамы руўхый-әдеп-икармлылық жақтан машқаласы бар, яғный, тыныш емес шаңарақ перзентлери, жынаятшылыққа бийим болған ямаса профилактикалық дизимде туратуғын жаслар менен индивидуал түрде жумыс алып барыўға көбирек итибар қаратыўы зәрүр.

Талантлы, тәрбиялы балалар менен ислесиў аңсат, лекин турмыста сүрниккен яки жаман орталыққа түсип қалған жасларды туўры жолға, жақсы мақсетке шақырыў, исендириў қыйын. Жаңа шөлкем мине, усы аўыр, бирақ, оғада зәрүр ўазыйпаны өзине жүклеўи мақсетке муўапық болар еди.

Биз, «жәмлеспеген жаслар, жәмлеспеген жаслар», деп көп сөз етемиз. Лекин бул мәселени ҳуқықый ҳәм әмелий жақтан шешиўге келгенде, ашық айтыў керек, көпшилигимиз не ислеў кереклигин билмеймиз.

Усы мақсетте Өзбекистан жаслар аўқамының басшылығында, басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволардың қатнасыўында, бир илимий-әмелий конференция өткериў орынлы болар еди. Онда жәмлеспеген жаслар менен ислесиў бойынша ҳәр тәреплеме тийкарланған усынысларды ислеп шығыў зәрүр, деп ойлайман. Бул ўазыйпа Мәмлекетлик кеңесгөйлер О.Муродовқа ҳәм Р.Комиловқа тапсырылады.

Және бир әҳмийетли мәселеге итибарыңызды қаратыўды қәлер едим.

Өзбекистан жаслар аўқамы дүнья мәдениятының раўажланыўына теңсиз үлес қосқан уллы бабаларымыздың мийрасына ҳүрмет, оған мүнәсип болыў сезимин қәлиплестириў, бул бийбаҳа байлықты терең үйрениўге ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған мазмунлы, тәсиршең жойбарларды әмелге асырыўда баслама көрсетиўи нур үстине нур болар еди. Ҳәзирше бул бойынша жаслар шөлкеминиң жумысын қанаатланарлы, деп болмайды.

Елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық, миллетлераралық татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын көздиң қарашығындай сақлаў, жас әўлад арасында әскерий-Ўатанды сүйиўшилик тәрбиясын күшейтиўде Өзбекистан жаслар аўқамы өзиниң беккем орнына ийе болыўы зәрүр.

Тарийхтан халқымыз арасынан көплеген уллы сәркардалардың жетилисип шыққаны белгили. Әне, усындай мәрт ҳәм пидайы бабаларымыздың әскерий саладағы бай мийрасы, мәртлик ҳәм жигерлилик пазыйлетлери жасларымыз ушын ибрат мектеби болып хызмет етеди.

Әсиресе, Саҳыпқыран Әмир Темур бабамыздай – бирде-бир саўашта жеңилиске ушырамаған инсан – жеңилмес сәркарда ҳәм мәмлекетлик ғайраткер жәҳән тарийхында шенде-шен табылады. Өз жақынлары, заманласлары бул уллы тулғаны Темурбек деп атаған екен. Мен усы туўралы ойлағанымда, бир пикир қыялымнан ҳеш кетпейди. елимизде жасларға әскерий тәлим-тәрбия беретуғын курсантлар мектеплерине «Темурбеклер мектеби» деп атама берсек, не дейсиз!

Бул мәселе бойынша Бас министр А.Арипов Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудов, қорғаныў министри Қ.Бердиевке бир ай мүддетте усыныс киргизиў ўазыйпасы тапсырылады.

Әзийз дослар!

Елимиз жаслары арасында илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер, спорт, өндирис, әскерий хызмет салаларында, улыўма, барлық тараўларда үлги көрсетип киятырған азамат жигитлеримиз оғада көп. Олар өзиниң физикалық ҳәм руўхый потенциалы, талантын ҳәм шеберлигин көрсетиўи ушын зәрүр шараятларды жаратып бериў бойынша елимизде көплеген жумыслар исленбекте ҳәм келешекте де оларды әлбетте даўам еттиремиз.

Әйне ўақытта ҳадал ҳәм нәтийжели мийнети, илимий-дөретиўшилик табыслары, Ўатанға садықлық хызмети менен ҳәммеге өрнек болып атырған мәрт улларымызды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў мәмлекетимиздиң ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болыўы зәрүр.

Елимизде талантлы ҳәм белсенди қызларымыз ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилген. Енди ҳәр қыйлы салалар менен тармақларда үлкен нәтийжелерге ерисип киятырған жигитлер ушын «Мард ўғлонлар» деген атама менен Мәмлекетлик сыйлықты шөлкемлестирсек, не дейсиз!

Соның менен бирге, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда, оқыўда, мийнетте, жәмийетлик жумысларда ҳәр тәреплеме белсенди болған жигит-қызларымызды сыйлықлаў мақсетинде «Келажак бунёдкори» медалын да шөлкемлестириў орынлы болар еди.

Неге дегенде, ҳәр қандай табыстың, ҳәр қандай жеңистиң тийкарында бәринен бурын мийнет пенен исеним, мәртлик ҳәм жигерлилик жәмленген болып, ел-халқымыздың раўажланыўы жолындағы ҳадал хызмет әлбетте, өзиниң мүнәсип баҳасын ҳәм қәдирин табыўы керек.

Пурсаттан пайдаланып, және бир әҳмийетли пикирди сизлер менен мәсләҳәтлеспекшимен. Елимизде байрамлар көп, бирақ жасларға бағышланған айрықша байрам жоқ. Бүгин усы мәселени де шешетуғын ўақыт келди.

Өзбекистан жаслар аўқамы шөлкемлестирилген күн – 30-июнь сәнесин елимизде Жаслар күни деп жәрияласақ, қалай болады!

Ҳүрметли делегатлар, әзиз перзентлерим!

Мине, бүгин сизлер менен елимиз жасларының турмысына байланыслы көплеген мәселелер ҳаққында, соның ишинде, жас әўладымызды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар, биз баслаған уллы ислердиң мүнәсип даўамшылары етип тәрбиялаў бойынша алдымызда турған ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпалар туўралы ҳәр тәреплеме сөйлесип алдық.

Тән алыў керек, кескин сын пикирлер де болды. Лекин бул сөзлер қаншелли ашшы болмасын, олар ҳақыйқат сөзлер. Мен биз бир-биримизди дурыс түсиндик, деп ойлайман.

Бүгинги додалаў, билдирилген пикир-усыныслардың барлығы бирден-бир, жақсы бир мақсетке, яғный, халқымыздың, бәринен бурын, жасларымыздың турмысын буннан былай да абаданластырыўға, мазмунлы ҳәм бахытлы етиўге қаратылғанын бәримиз аңлап турмыз.

Бүгин мине, усы саўлатлы залда жыйналған сиз, әзизлерди, ўәлаятларда ҳәм районларда видеобайланыс арқалы әнжуман жумысын бақлап атырған жигит-қызларымызды, бәриңиздиң жанып турған көзлериңизди, беккем исенимиңизди, наўқыран күш-ғайратыңызды көрип, сизлер менен шын жүректен сәўбетлесип, ашығын айтсам, өзим де жасарып кеткендей болдым.

Бүгинги ушырасыўдағы көтериңки руўхты, жоқары кейпиятты көрген ҳәр бир адам ықтиярсыз белгили шайырымыз Ҳамид Ғуламның:

«Эҳ, сениң жаслығың менде болса еди!» деген гөззал қатарын тәкирарлайтуғыны тәбийғый, деп ойлайман.

Ҳақыйқаттан да, биз, ата-аналар, устазлар ҳәм тренерлер сизлерди, пүткил Өзбекистан жасларын Ўатанымыздың, жәмийетимиздиң шешиўши күши деп билемиз ҳәм сизлер бәрқулла халқымыздың мине, усындай жоқары исенимине мүнәсип боласыз, деп исенемиз.

Сизлерге жақсы белгили, ҳәзирги ўақытта елимизде «Уллы келешегимизди мәрт ҳәм жоқары мәртебели халқымыз бенен бирге қурамыз» деген сүрен кеңнен тарқалып, турмысымызға барған сайын терең кирип бармақта. Лекин, Өзбекистанымыздың мине, усындай жақты ҳәм абадан перспективасын дөретиўдей жуўапкершиликли ўазыйпаны ким өзине жүклейди алады!

Әлбетте, тек ғана заманагөй билимди ҳәм кәсип-өнерлерди пуқта ийелеген, бийғәрез пикирлейтуғын, бәрқулла ел-халық тәғдирине байланыслылық сезими менен жасайтуғын сиз, әзиз жасларымыз майданға исенимли шығып, бүгинги күнде турмыстың өзи алдымызға қойып атырған ўазыйпаларды шеше аласыз.

Мине, усындай уллы мақсетке ерисиў жолында, Өзбекистан жаслар аўқамын шын мәнисте елимиздеги барлық жаслардың таянышына ҳәм сүйенишине айландырыў жолында сизлерге саў-саламатлық, күш-ғайрат, бахыт ҳәм әўмет яр болыўын тилеп қаламан.

Итибарыңыз ушын рахмет.