Қубла африкалы шыпакерлердиң мәлим етиўинше, омикрон оғада аңсат жуғады, бирақ ҳәзирше кеселликтиң бақланған жағдайлары жеңил өтпекте.

Наўқаслар (көбинесе жаслар) қатты шаршаўдан шағым етпекте. Бирақ, олардың ҳеш қайсысы дәм билиў ямаса ийис сезиўдиң жоғалыўы яки болмаса өзгериўин атап өтпеген. Балаларда жүректиң тез соғыўы менен биргеликте температураның көтерилиўи бақланбақта.

Шыпакерлер шаншылмаған жасыүлкен адамларда омикрон штаммы кеселликтиң аўыр формасына алып келиўинен қәўетерленбекте, әсиресе, созылмалы кеселликлер (қантлы диабет ҳәм жүрек жетиспеўшилиги) болғанда.

Омикрон ҳәзирги ўақытта ЖДСШ қәнигелери тәрепинен үйренилип атырған болып, олар вирустың усы вариантын «қәўетер оятыўшы» деп атаған. Болжаўларға қарағанда, штамм оғада жуқпалы, бирақ оның антиденелерди қаншелли «айланып өтиўи» белгисиз.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.