Усы жылдың 25-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор А.Реймов Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетиниң жоқары оқыў орынларына таярлаў бойынша оқыў-илимий орайының деканы, профессор Б.Г.Пирожков, сондай-ақ, усы университеттиң Ташкент филиалы директоры А.Магруповты қабыллады. Бул ҳаққында ҚМУ баспасөз хызмети хабар берди.

Ушырасыўда қарақалпақстанлы жаслардың нефть ҳәм газ тараўлары бойынша жоқары билим алыўы ушын шараятлар жаратыў мәселеси көрип шығылып, 2021-2022-оқыў жылында ҚМУ базасында Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университетинде оқыў нийетин билдирген мектеп питкериўшилери ушын бийпул таярлық курсын шөлкемлестириўге келисип алынды. Таярлық курсларының жыл даўамында алып барылыўы белгиленди.

Ушырасыўда еки жоқары оқыў орны арасында бирге ислесиў бағдарларын буннан былай да кеңейтиў бойынша пикир алмасылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.