ШБШға ағза мәмлекетлерде санлы экономика тараўында жетекшилик статусына шығыў ушын жақсы имканиятлар бар, деп есаплайды Россияның бас министри Михаил Мишустин.
«Шөлкем шеңберинде санлы экономика бойынша бирге ислесиўди даўам еттиремиз. Дүнья муддасыл рәўиште санлы раўажланыўға умтылмақта. Бизде жетекши орынларға шығып алыў ушын жақсы имканият бар», деди ол шөлкемге ағза мәмлекетлердиң ҳүкимет басшылары мәжилисте.
Бас министрдиң атап өтиўинше, Россия өзиниң аралықтан билимлендириў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм телемедицина бойынша тәжирийбесин бөлисиўге таяр.
ӨзА