Ҳәзирги ўақытта көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналарының мүрәжатларын есапқа алып, төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер және оқыўын бир жоқары оқыў орнынан басқа жоқары оқыў орнына көширип атырған студентлер ушын контракт төлемлерин төлеў мүддетин узайтыў бойынша министрлик тәрепинен тийисли усыныслар таярланды ҳәм төлеў мүддетиниң узайтылыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Мәмлекетлик комиссияның тийисли мәжилис протоколы тийкарында республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары бакалавриаты ҳәм магистратурасына төлемли контракт, соның ишинде, еселенген төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын төлемлерди төлеў мүддети 2021-жылдың 20-ноябрь сәнеси етип белгиленген еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.