«RollsRoyce» самолёты электрде ҳәрекетлениўши транспортлар ишинде ең тез ҳәрекетленетуғыны болды.

Компания сайтындағы мағлыўматқа қарағанда, жақында сынақтан өткерилген – «Spirit of Innovation», яғный «Инновация руўхы» атамасындағы самолёт ең тез ҳәрекетленетуғын лектротранспорт статусына мүнәсип.

Саатына 623 километр тезликте пәрўаз ете алған самолётқа 400 киловатли двигатель орнатылған.

Мағлыўмат ушын, октябрьде «Tesla» ҳәм «SpaceX» басшысы Илон Маск сес тезлигинен тез ҳәрекетленетуғын электросамолёт жаратыў нийетиниң бар екенлигин, ҳәзирги ўақытта қолланбасы үстинде излениў алып барыў ушын ўақыт ажырата алмай атырғанын айтқан еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги