Мийдиң жумысын жақсылайтуғын ҳәм когнитив пәсейиў қәўипиниң алдын алатуғын 3 ең жақсы өним дүзилди.

«Express»тиң жазыўынша, бул дизим Уллы Британияның жетекши диетологы Мэрилин Глэнвилл тәрепинен усыныс етилген.

Алып барылған изертлеўлер соны көрсетти, диета деманстың раўажланыўына сезилерли тәсир етеди. Альцгеймер кеселлиги менен наўқасланған адамларда саламат мий ушын зәрүр болған нейротрнасмиттер ацетилхолин жетиспеўшилиги анықланған. Бул протеин болса мәйектиң сарыуўызында бар екен. Соның ушын ҳәр қыйлы мий кеселликлериниң раўажланыўына тосқынлық ететуғын мәйекти диетаға турақлы тәризде киргизиў әҳмийетли.

Соя ҳәм ғозалар да мий ушын ең әҳмийетли ҳәм пайдалы азық-аўқат есапланады. Олар мийдиң жақсы ислеўине жәрдем береди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги