Грузияның «Кавказия» телекомпаниясы мәмлекеттеги сиясий жағдайды додалап атырған ўақтында жанлы эфирде тосыннан пышық пайда болды.

Бул видеокөринис бир ўақытта социаллық тармақларда тарқалды. Баслаўшы Девид Акубардия сиясатшы Гедеван Попхадзе барған бағдарламаның темасын өзгертиўге мәжбүр болды.

Акубардияның сөзлерине бола, пышықты ХIХ әсирдиң ақыры – ХХ әсирдиң биринши ярымында жасап өткен сәркарда Кайхосро Чолокашвилиге бағышлап «Какуца», деп атаған.

«Какуца, столдан түс», – деди баслаўшы пышыққа. Пышық болса бул буйрыққа пәрўа етпеди. Буннан кейин телебаслаўшы және бир неше рет ҳайўаннан студияны босатып қойыўын сораўға мәжбүр болды.

Қысқа тәнепистен кейин жанлы эфир әдеттегидей даўам етти.

 

Ўткир Алимов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги