Россия Президенти Владимир Путин «COVID-19» қа қарсы қайта шаншылды.

Россия басшысы Академик Н.Ф.Гамалея атындағы Миллий эпидемиологиялық ҳәм микробиологиялық илимий-изертлеў орайының директорының орынбасары Денис Логунов пенен ушырасыў ўақтында шыпакерлердиң усынысына бола коронавирусқа қарсы жергиликли «Sputnik Light» вакцинасы менен қайта шаншылғанын айтқан.

Владимир Путин 21-ноябрь күни қайта шаншылды.

«Бүгин сизиң ҳәм кәсиплеслериңиздиң усынысы менен мен «Sputnik Light» вакцинасын қабыл еттим. Бул ревакцинация делинеди», деген Путин.

Анықлық киргизилиўинше, бул жерде сөз үшинши шаншылыў ҳаққында болмақта.

«Президент шаншылыўдан кейин өзин жақсы сезип атырғанын айтқан. Маған вакцина  еки саат алдын жиберилди. Мен ҳеш нәрсени  сезип атырған жоқпан», деген Россия басшысы.

Путин быйылғы жылдың июнь айында Россияның «Спутник V» вакцинасы менен коронавирусқа қарсы толық шаншылған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги