Китаплар әлеминде

Жақында «Билим» баспасында белгили шайыр Сағынбай Ибрагимовтың «Брно дәптери» атлы жаңа поэтикалық топламы жарық көрди.

Шайыр С.Ибрагимов әдебиятымызда өз жолына ҳәм ҳаўазына ийе қәлем ийеси сыпатында танылған. Ол шайырлар – Ш.Аяпов, Б.Генжемуратов, П.Мырзабаева, Ж.Өтениязов, М.Жуманазаровалар менен бирге өткен әсирдиң 80-жыллары әдебиятымызға кирип келди. Әдебий сында бул әўлад шайырлары поэзиядағы «жаңа толқын» сыпатында баҳаланды.

Түрли жылларда шайырдың поэтикалық дебюти – «Далалар», соңынан «Бесинши мәўсим» «Жер менен аспанның аралығында», «Таңламалы қосықлар» топламлары жарық көрди.

С.Ибрагимовтың «Брно дәптери» топламына оның соңғы жыллары жазылған поэтикалық дөретпелери киргизилген.

Шайыр өзиниң жаңа китабындағы қосықларында инсан өмирине ҳәм ол жасайтуғын дүньядағы философиялық көзқарасларын берген.

«Брно дәптери»ндеги жаңа қосықлар инсанды инсан ететуғын қүдирет – ҳүждан, инсап, диянат, әдалат ҳәм ҳақыйқат ҳаққында болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги