«Түркстан» сарайында 13-ноябрь күни Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы болып өтти.
2006-жылы 12-сентябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Медицина хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамға муўапық, ҳәр жылы ноябрь айының екинши екшембисинде мәмлекетимизде Медицина хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте.
Байрам илажында Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер ҳәм уйымлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, шыпакерлер, мийирбийкелер, профессор-оқытыўшылар, жаслар қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёвтиң мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў тараўы хызмектерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын Сенат Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.
Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, Халқымыз шыпакерлер тымсалында өзиниң турмысын әне усындай уллы ҳәм жуўапкершиликли жумысқа бағышланған, ел-журт саламатлығын сақлаў жолында бар билим ҳәм тәжирийбеси, қәбилет ҳәм шеберлигин жумсап киятырған даңқлы кәсип ийелерин көреди және машақатлы мийнетиңизди бәрқулла мүнәсип қәдирлейди.
Президентимиздиң пәрманына бола, Медицина хызмектерлери күни мүнәсибети менен бир топар тараў хызметкерлери Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары менен сыйлықланыўы буның айқын мысалы болып есапланады.
Илажда әне усы сыйлықлар өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.
Өзбекстан денсаўлықты сақлаў министри Беҳзод Мусаев бар билим ҳәм потенциалы, жыллы сөз ҳәм ысық меҳрин наўқасларды дәрттен қутқарыўға бағышлап киятырған саламатлығымыз сақшылары халқымыздың шексиз ардағында екенин атап өтти.
Ҳақыйқатында да, халқымыздың саламатлығын сақлаў ҳәм халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда медицина хызметкерлериниң хызмети үлкен. Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, халқымыздың саламатлығын тәмийинлеў буннан былай да бас ўазыйпа болып қалады. Келеси бес жыллықта елимиздиң медицинасы халықты разы ететуғын системаға айланады.
– Бул болса тараў хызметкерлеринен және де көбирек билим ҳәм потенциал, күш-ғайрат, пидайылық талап етеди. Гүўасы болып турғанымыздай, инсан мәплери жолындағы ис-ҳәрекетлердиң нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў системасы түп-тийкарынан жетистирилип бармақта. Соның ишинде, өткен қысқа дәўирде медицинаның үш басқышлы миллий модели – басланғыш медициналық санитария, қыстаўлы тез медициналық жәрдем ҳәм қәнигелестирилген медициналық хызмет системасы жаратылды. Халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеў илажлары көрилмекте. Аналар ҳәм балалардың саламатлығы бәрқулла қадағалаўда. Бүгин сыйлықланғанлар арасында педиатрлар, аналық ҳәм балалық бағдарында хызмет етип атырған кәсиплеслеримиздиң көп екенлиги мени және де қуўандырды, – деди денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Элмира Боситхонова.
Елимизде балалардың саламатлығын сақлаў, педиатрияның барлық бағдарларында диагностика, емлеў, профилактика ҳәм реабилитация бойынша қәнигелестирилген ҳәм жоқары технологиялық медициналық жәрдем көрсетиўге мөлшерленген 280 орынлық Балалар миллий медицина орайы шөлкемлестирилди. Тек республикалық емес, ал ўалаятлық медицина мәкемелеринде де жүрегинде туўма нуқсаны болған балаларды даўалаў ушын емлеў орынларының саны 3 есеге арттырылды. Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта жоқары медициналық технологиялар тийкарында елимиздеги 10 медицина мәкемесинде балаларға кардиохирургиялық операциялар өткерилмекте.
Кеселликти нәтийжели емлеўдиң биринши шәрти – дурыс диагноз. Бирақ жақын жылларға шекем мәмлекетимизде бул бағдардағы жағдай қанаатланарлы болмаған. Адамалар орынларда медициналық хызмет сапасы төменлигинен әпиўайы кеселлик диагнозы ямаса еми ушын да узақ жол басып пайтахтқа, ўәлаятлардың орайларына барыўға мәжбүр еди.
Сол себепли Президентимиз тараўдағы реформаларды әйне усы аўыр ноқаттан баслады. Нәтийжеде улыўма әмелият шыпакери қәнигеси шаңарақлық шыпакер, аўыллық шыпакерлик пункти шаңарақлық шыпакерлик пункти, аўыллық ҳәм қалалық шаңарақлық поликлиникасы болса шаңарақлық поликлиникаға айландырылды. Бул қәнигелердиң терапия, педиатрия, акушерлик ҳәм патронаж бойынша медицина бригадаларының жәрдеминде «медициналық карта»лар арқалы мәнзилли жумыс алып барылыўы жолға қойылды.
Өз гезегинде, нәтийжесиз, материаллық-техникалық базасы ашынарлы 3 мыңнан аслам АШП орнында 2 мың поликлиника ҳәм шаңарақлық шыпакерлик пункти шөлкемлестирип, халыққа өз жасаў мәнзилинде толық бийпул амбулатор медициналық хызмет көрсетилиўи тәмийинленди. Ғалаба түрдеги профилактикалық ҳәм тереңлестирилген тексериўлердиң орнына мақсетли скрининг бағдарламалары, тотал патронаж орнына универсал-прогрессивлик патронаж системасы енгизилди.
– Бүгинги күнге келип медицинаның басланғыш буўынан тиккелей наўқас пенен ислейтуғын, кеселликлерди ерте анықлайтуғын ҳәм емлейтуғын система сыпатында қәлиплестирилди, – дейди Ферғана ўәлаяты Қувасой қаласы көп тармақлы орайлық поликлиника баслығының орынбасары, «Дўстлик» ордени ийеси Ашурахон Исроилова. – 31 жылдан берли басланғыш буўында ислеп атырған болсам, кейинги бес жылдағы өзгерислер ҳақыйқаттан да қуўанарлы. Узақ аўылларда да шаңарақлық поликлиникалар шөлкемлестирилди. Улыўма әмелият шыпакерлери шаңарақлық шыпакерлерге айландырылды. Шаңарақлық поликлиникаларда тар тараў қәнигелериниң хызмети жолға қойылды, медициналық бригадалар шөлкемлестирилди. Алдын патронаж мийирбийкеси өз нормативин орынлаў ушын үйме-үй жүрген болса, бүгин мақсетли патронаж системасы енгизилди. Енди патронаж мийирбийкеси қайсы шаңараққа барыўды жақсы биледи. Бул патронаж хызметиниң сапа дәрежесиниң артыўы, кеселликлерди ерте анықлаўға хызмет етпекте. Президентимиздиң тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўын еситип және де толқынландым. Маған берилген сыйлық болса мойнымдағы жуўапкершиликти және де толық сезиниўге ийтермелейди.
Енди ең қыйын операциялар да өзимизде өткерилмекте. Енди қурамалы хирургиялық операциялар ушын сырт елге барыўға зәрүрлик қалмады. Атап айтқанда, Академик В.Воҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы ҳәм Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы трансплантология бөлиминде бүйрек көширип өткериў әмелияты кеңнен жолға қойылды. Өткен 5 жылда елимизде 600 ден аслам бүйрек, баўыр ҳәм өзек клетка операциялары табыслы өткерилгени нәтийжесинде пуқараларымыздың сырт мәмлекетлерге ем излеп барыўы кескин азайды.
– Кардиохирургия тараўында да өсиў көрсеткишлери жоқары, – дейди Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының бөлим баслығы, медицина илимлери докторы Бахтиёр Амирқулов. – 2016-жылға шекем жүрекке байланыслы қурамалы операциялар тек Ташкент қаласында әмелге асырылған болса, бүгинги күнде 12 аймақта рентгенэндоваскуляр бөлимлердиң жумысы жолға қойылған. 10 ўәлаятта болса ашық кардиохирургиялық операциялар өткерилмекте. Олардың барлығы қәнигелескен медицинаны раўажландырыў бағдарындағы реформалардың нәтийжеси болып есапланады.
Байрам илажында көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы көрсетилди.
Моҳигул ҚОСИМОВА,
ӨзАның хабаршысы