Жақында «Билим» баспасынан шайыр, жазыўшы ҳәм эссеист Сағынбай Ибрагимовтың «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» атлы этнотарийхый эссеси китап ҳалында жарық көрди.

Қарақалпақ халқының тарийхы илимий тийкарда 20 әсирдиң екинши шерегинен баслап үйрениле баслады.

1935-жылы  сол ўақыттағы Ленинград, ҳәзирги Санкт-Петербург қаласында «Қарақалпақлар тарийхы бойынша материаллар» («Материалы по истории каракалпаков») деген көлемли топлам шықты. Бул топламда берилген   белгили рус тарийхшысы  Павел Петрович  Ивановтың «Қарақалпақлар тарийхы очерки» деген көлемли мийнети  бизиң халқымыздың тарийхы бойынша жазылған биринши ири илимий мийнет болды. Бул очерк китапта сексен бет көлемди ийелейди.

Буннан соң  1940-жылы Павел Петрович Ивановтың «Қарақалпақлар тарийхы бойынша жаңа материаллар» деген мақаласы жәрияланды. Усы илимий мийнетлер қарақалпақ халқының тарийхын илимий тийкарда үйрениўге жол ашып берди.

1947-50-жыллары  әййемги ҳәм ортаәсирлик Хорезм цивилизациясының уллы изертлеўшиси Сергей Павлович Толстов  қарақалпақ халқынынң тарийхына  өзиниң бир қатар мақалаларын арнады.

Қарақалпақлардың және бир үлкен изертлеўшиси  Татьяна Александровна  Жданконың   1950-жылы  «Қарақалпақлардың тарийхый этнографиясының очерклери» атлы илимий мийнети жарық көрди.

1960-жыллары СССР Илимлер Академиясында  Орта Азия ҳәм Қазақстан халқлары туўралы илимий  топламлар басып шығарылды. Усы серияның биринши томына киргизилген «Қарақалпақлар» деп аталған илимий  мийнетти тарийх илимлериниң докторы Татьяна Александровна  Жданко таярлады.

Усы илимий очеркти таярлаў барысында  Жданко Ивановтың ҳәм Толстовтың көзқараслары ҳәм пикирлери тийкарында қарақалпақ халқының келип шығыўы ҳәм ортаәсирлик тарийхы концепциясын ислеп шықты.  Бул мийнет 1962- жылы жарық көрди.

Соңынан   1964-жылы жарық көрген «Қарақалпақстан АССРы тарийхының очерклери»  атлы коллективлик моногорафияда қарақалпақлардың  келип шығыўы ҳәм ортаәсирлик тарийхына арналған бапларды Татьяна Александровна Жданко жазды.

Демек қарақалпақ халқының келип шығыўы ҳәм ортаәсирлик тарийхы туўралы илимий концепцияның авторы Татьяна Александровна Жданко болып табылады. Усы концепция  мектеп сабақлықларында үйрениледи.

Қарақалпақ шайыры  ҳәм эссеисти Сағынбай Ибрагимов  уллы шайырымыз Бердақтың «Шежире» дәстанын үйрениў барысында  онда айтылған тарийхый мағлыўматларға анықлық киритиў зәрүрлигин сезди.

Бердақтың «Шежире» дәстаны бизге дәслеп аўызша жазып алынған  вариантлары бойынша мәлим еди ҳәм  шайырдың топламларында жәрияланып келди.

1971-жылы  филологлар Наўрыз Жапақов ҳәм Ҳүсниддин Ҳамидовлар Халқабад елатында  бир китаплар жыйнаўшысының үйинен «Шежире»ниң жазба вариантын табады. Усы вариант  1977-жылы Ҳүсниддин Ҳамидов тәрепинен «Әмиўдәрья» журналында жәрияланды ҳәм илимий айналысқа киргизилди. Усы жазба текст, оның кәтип көширген қолжазбасының факсимилеси,  филологиялық сыпатламасы ҳәм рус тилине аўдармасы 1995-жылы академик Ҳүсниддин Ҳамидовтың  «Бердақтың қолжазба мийрасы» атлы китабында жәрияланды.

Мине, усы илимий дәреклерге тийкарланған шайыр Сағынбай Ибрагимов Бердақтың «Шежире» дәстанындағы мағлыўматларды  Хорезм ойпатына байланыслы басқа тарийхый шығармалар менен салыстырып үйренип шықты.  Ол «Шежире» дәстанындағы мағлыўматларды тарийхый жақтан  анықлаў, қайсы ўақыялардың қайсы жыллары болғанлығын анық бериў ушын  Абылғазы Баҳадырханның «Шежирейи түрк» («Түрклер шежиреси»), Мунис ҳәм Әгаҳыйдың   «Фирдаўс ал-иқбал» («Бахытлар бағы») атлы мийнетлери ҳәм  Қарақалпақ» атамасы менен белгили халқ  қосығы менен салыстырып үйренди.

Мине, усы «Шежире» дәстанын үйрениў үстинде пайда болған өзиниң болжамларын ҳәм пикирлерин шайыр  жақында баспадан шыққан «Бердақтың Шежире дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» атлы  этнотарийхый эссесинде баянлап берген.

Эссе бул әдебий жанр болып табылады, Сонлықтан  эсседе силтемелер ҳәм илимий аппарат талап етилмейди. Бул кең оқыўшылар жәмийетшилиги ушын   автордың өз көзқарасларын таныстырыўға арналған шығарма. Сонлықтан Сағынбай Ибрагимовтың бул эссесин  профессионал тарийхшылар илимий жақтан баҳалаўға ҳақылы.

Эссе жеңил, жайдары тил менен, әпиўайы китап оқыўшыларының түсинигине сай рәўиште жазылған.  Эссеист өз пикирлерин болжам сыпатында усынады ҳәм оларды бирден-бир дурыс деп кескин шешимлер қабылламайды. Шығарма оқыўшы менен диалог сыпатында жазылған ҳәм усы қәсийети  менен оқыўшылар тәрепинен жақсы қабылланып атыр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги