2021-жыл 6-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң өз лаўазымына кирисиўине бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Мәресимде Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, дипломатиялық корпус ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев ашып берди. Ол 24-октябрь күни болып өткен Президент сайлаўы демократиялық принциплер тийкарында, жедел сиясий бәсеки орталығында өткенин атап өтти. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық  партиясынан талабан Шавкат Миромонович Мирзиёев сайлаўшылардың 80,12 процент даўысы менен Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланғанын атап өтти.

 Орайлық сйалаў комиссиясының Баслығы қатнасыўшылар атынан Шавкат Мирзиёевти қутлықлады ҳәм оған Өзбекстан Республикасы Президенти гүўалығын тапсырды.

Президент Өзбекстан Республикасы Конституциясының 92-статьясына муўапық, ант берди:

«Өзбекстан халқына садықлық пенен хызмет етиўге, республикамыздың Конституциясы ҳәм нызамларына қатаң әмел етиўге, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине кепиллик бериўге, Өзбекстан Республикасы Президентине жүкленген ўазыйпаларды ҳүжданлы орынлаўға салтанатлы ант етемен», деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиздиң гимни жаңлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев келеси бес жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлар ҳаққында шығып сөйледи.

– Халқымыз талапларын есапқа алған ҳалда, биз Жаңа Өзбекстан раўажланыў стратегиясын ислеп шықтық ҳәм сайлаў процесинде оны өзине тән улыўма халықлық додалаўдан өткердик,-деди мәмлекет басшысы. – Бул әҳмийетли концептуаллық  ҳүжжетте реформаларымыздың избе-излигин ҳәм даўамлылығын тәмийинлеў мақсетинде, «Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына» деген принцип тийкарғы идея ҳәм бас норма сыпатында күн тәртибине қойылды.

Атап өтилгениндей, бул раўажланыў стратегиясы жети бағдардан ибарат.

Биринши бағдар еркин пуқаралық жәмийетин раўажландырыў арқалы халықшыл мәмлекет қурыўға қаратылған. Оның ушын келешекте мәмлекет функцияларының үлкен бөлеги орайдан аймақларға өткериледи. Ҳәр бир мәҳәлледе ҳәким жәрдемшиси лаўазымы енгизиледи.  Район бюджети қосымша дәреклер менен тәмийинленип, мәҳәллениң айрықша қоры қәлиплестириледи. Орайлық уйымлар трансформацияланып, қолайлы ҳәм нәтийжели басқарыў системасы жаратылады, бирдей бағдардағы ўазыйпаларды әмелге асырып атырған уйымлар оптималластырылады.

– Басшы халыққа жүк болмаўы, керисинше, халықтың жүгин мойнына алыўы керек, – деди Президент.

Екинши бағдар әдиллик ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў, инсан қәдир-қымбатын тәмийинлеў ўазыйпаларын қамтып алған. Усы мақсетте судлаў системасы ҳәм адвокатура институты, ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы жетилистириледи. Исбилермен ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларын қорғаў күшейтиледи. Коррупцияны сапластырыўға мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық күш ҳәм қураллары жумсалады. Онда айыпкерлерди ҳуқықый жуўапкершиликке тартыў менен шекленип қалмастан, коррупцияның себеплерин алдынан сапластырыў илажлары көриледи.

Үшинши бағдарда миллий экономиканы раўажландырыў бағдарындағы режелер билдирилди. 2030-жылға барып, жан басына есаплағанда, халықтың дәраматлары орташа көрсеткиштен жоқары болған мәмлекетлер қатарына шығыў мақсет етилгени айтылды.

Оған, бәринен бурын, жеке меншик секторды хошаметлеў ҳәм оның үлесин арттырыў және тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан ерисиледи. Макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, инфляция дәрежесин белгиленген 5 процентке азайтыў илажлары көриледи.

Халықты турақ жай ҳәм таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, заманагөй жол ҳәм коммуникация тармақларын қурыў, жәмийетлик транспорт және аймақлараралық қатнаўларды жақсылаў бойынша ири жойбарлар әмелге асырылады.

Төртиншиден, сапалы тәлим-тәрбия мәселеси турақлы итибар орайында болатуғыны атап өтилди. Усы мақсетте оқытыўшылардың айлық мийнет ҳақысын избе-из арттырып барыў ҳәм 2025-жылға барып,  1 мың доллар муғдарына жеткериў нәзерде тутылған. Жаңа мектеплер қурыў, барларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараўдың барлық басқышлары арасында избе-изликти тәмийинлеўге қаратылған Миллий билимлендириў бағдарламасы ислеп шығылады.

Халықтың саламатлығын сақлаў ушын барлық шараят жаратылады. Келеси бес жылда жоқары категориялы шыпакерлердиң мийнет ҳақысын да 1 мың доллар эквивалентине жеткериў мөлшерленбекте. Ўәлаят, район ҳәм қалаларда қәнигелескен медициналық хызметлер көлеми кеңейтиледи. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы иске қосылып, қаржы анық наўқасқа байланысқан ҳалда ажыратылады. Денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў,  саламат турмысты енгизиў әҳмийетли ўазыйпа болып қалады.

Бесинши бағдарға тийкарланып руўхый ҳәм ағартыўшылық тараўлар раўажландырылады. Усы мақсетте «Жаңа Өзбекстан – мәрипатлы жәмийет» концепциясы әмелге асырылады. Мәденият ҳәм көркем өнерди жоқарылатыў, жасларды саламат исеним руўхында тәрбиялаў, миллетлераралық татыўлық ҳәм өз-ара ҳүрметти беккемлеўге тийкарғы әҳмийет қаратылады.

Алтыншыдан, глобал машқалалардың миллий ҳәм регионаллық шешимлерин табыў, бул бағдардағы барлық ҳәрекетлерди үйлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, экологиялық қәўип-қәтерлердиң унамсыз тәсири артып баратырғаны атап өтилди. Арал бойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы сыпатында раўажландырыў, Пүткил жәҳән экология хартиясын ислеп шығыў мәселелерине тоқтап өтилди.

Жетинши бағдарда елимиздеги тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы ўазыйпалар өз көринисин тапқан. Қураллы Күшлеримиз қүдиретиниң және де арттырылыўы, әскерлеримиздиң жаўынгерлик таярлығы, физикалық ҳәм руўхый таярлығы күшейтилетуғыны айтылды.

Халықаралық бирге ислесиўде прагматикалық ҳәм терең ойланған сыртқы сиясат, экономикалық дипломатия даўам еттириледи. Бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер ҳәм дүньяның барлық регионларындағы шериклер менен өз-ара пайдалы ҳәм көп қырлы байланыслар кеңейтиледи.

– Президент сыпатында мен елимиз тынышлығы, ел-халықтың абаданлығы, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында пүткил барлығымды бағышлап, халқыма садықлық пенен хызмет етиўди өмиримниң мазмуны деп билемен. Мен ушын буннан басқа уллы мақсет, бахыт-ығбал жоқ. Сиз, қәдирли ўатанласларымыздың шын кеўилден қоллап-қуўатлаўыңыз, нураний ата-аналарамыздың дуўалары, әзиз жасларымыздың исеними маған үлкен күш-ғайрат береди, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев сөзиниң соңында.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилиси жуўмақланды.

 

ӨзА