БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш инсаниятты тәбиятқа шығындыхана қарағандай мүнәсибетте болыўды  тоқтатыўға шақырды, оның атап өтиўинше, «инсанияттың өзи өзине гөр қазбақта».

Усы күнлери Глазго қаласында Климаттың өзгериси бойынша БМШ конвенциясы шеңбериндеги 26-конференциясы болып өтпекте. Уллы Британия ҳәм Италия менен биргеликте ислесиўинде шақырылған бул конференция 31-октябрьден 12-ноябрьге шекем даўам етеди.

Сессияда шама менен 200 мәмлекеттен ўәкиллер, соның ишинде, дүнья жүзи жетекшилери, экспертлер ҳәм активистлер қатнаспақта. Дүнья жүзи жетекшилериниң ушырасыўы 1-2-ноябрь күнлерине мөлшерленген.

Саммит даўамында ийисли газди шығарыўды төменлетиў ҳәм углеродтың нейтраллығына ерисиў бойынша бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

«Климат бойынша Париж келисимине қол қойылғанына алты жыл болды. Алтыншы жылы тарийхтағы ең ыссы жыл сыпатында атап өтилди. Қазып алынатуғын жанылғы майларға байланып қалыў инсаниятты тунғыйық қыялға басламақта. Алдымызда айрықша таңлаў тур: яки биз оны тоқтатамыз ямаса ол бизлерди тоқтатады», – деди Гутерриш конференция қатнасыўшыларына мүрәжат етип.

«Өзимизди углерод пенен өлтириўди тоқтатайық. Тәбиятқа тап шығындыханаға қарағандай мүнәсибетте болмайық. Жағыў, және де тереңирек бураўлаў ҳәм қазыў жумысларын тоқтатайық. Бизлер өзлеримизге өзлеримиз шуқыр қазып атырмыз», – деди ол.

Гутерриштиң атап өтиўинше, адамзат глобал ысыўды Цельсий бойынша 1,5 дәрежеден артпаў шегин гөзлеўи керек. Онда тийкарғы жуўапкершилик биринши гезекте үлкен жигирмалық мәмлекетлерге түседи, себеби планетамыздағы шығындылардың 80 проценти усы мәмлекетлердиң үлесине туўра келеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги