Америкалы илимпазлар коронавирусты тек буйымлардың сыртынан емес, ал инсан клеткалары ишинен де жоқ етиўге уқыплы қурылма жаратты. Бул ҳаққында «Scientific Reports» журналы хабарына сүйенип, CCB баспасөз хызмети мәлим етти.
Жаңа ойлап табылыў лампа-шыра түринде. Ол өзинен көк жақтылық толқынларын шығарады ҳәм «COVID-19»ди нейтралластырады.
Изертлеўшилер алдынырақ ультрафиолет нурлары коронавирусқа қарсы гүресиўде нәтийже беретуғынын атап өткен еди. Бирақ бундай нурланыўдың жоқары дозалары ДНК бузылыўына алып келиўи мүмкин.
Жаңа изертлеўде болса илимпазлар белгили бир тығызлықтағы көк нур толқынларынан пайдаланды ҳәм оның тийсли диапазонда инсан ушын қәўипсиз екенлигин анықлады.
Тәжирийбе-сынаў процеси адам бронхлары ҳәм трахеясынан алынған донор клеткалары тийкарында исленген үш өлшемли клетка моделлери үстинде өткерилди.
Мәлим етилиўинше, бундай жақтылықтың төмен дозалары да вирусты жоқ ете алады ҳәм инсан клеткаларына унамсыз тәсир етпейди.
Илимпазлардың пикиринше, жаңа қурылма вакциналардың жетиспеўшилигинен зыян көрип атырған мәмлекетлер ҳәм регионларда коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў қуралы сыпатында қолланылыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги