Өзбекстанда халық ушын газ баҳасының кескин артыўына жол қоймаў бойынша бир қатар илажлар тастыйықланды.
Қарарға бола, 2021-жыл 1-октябрьден баслап юридикалық шахслар тәрепинен Өзбекстанға импорт етилетуғын тәбийғый газди реализациялаў ушын акциз салығының ставкасы ноль процентти қурайды.
Буннан тысқары, 2022-жыл 1-январьдан баслап өндирис кәрханалары тәрепинен сатылатуғын суйылтылған газ акциз салығына тартылмайды ҳәм исбилерменлерге тәбийғый ҳәм суйылтылған газди Өзбекстанға алып кириўде қосымша қун салығын төлеўди кешиктириў (бөлип-бөлип) ҳуқықы бериледи.
Және бир әҳмийетли тәрепи – ҳүжжетте халыққа тәбийғый ҳәм суйылтылған газди сатыў тәртипке салынатуғын тарифлер (баҳалар) бойынша әмелге асырылатуғыны тиккелей белгилеп қойылған. Егер олар халыққа сатып алыў баҳасынан (биринши өзине түсер баҳасы) төмен баҳада сатылса, салықлар усы баҳадан келип шығып есаплап шығылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги