Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң ишки ислер уйымларындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, елимизде жәмийет қәўипсизлигин, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў жолындағы үлгили жумысы, мақтанышлы миннетин орынлаўда мәртлик ҳәм батырлық үлгисин көрсеткени, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы айрықша хызметлери ушын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Мардлик» ордени менен

Казбеков Салават Алибекович – Нөкис районы ишки ислер бөлиминиң баслығы

«Дўстлик» ордени менен

Узақбаев Бахадир Жоллыбекович – Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасының аға тергеўшиси

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 22-октябрь