Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығы 1973-жылы шөлкемлестирилген. Хожалыққа тийисли жерлердиң улыўма майданы 459398 гектар болып, 2 тоғай төрешилигинен ибарат. Хожалықта бүгинги күнде 67 адам жумыс пенен тәмийинленген.
– Хожалығымыз тәрепинен 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың бәҳәр айларында Арал теңизиниң қурып кеткен ултанында жәми 3392 гектарлық мәдений тоғай (сексеўил, қандым) егиў жумыслары алып барылды,-дейди усы тоғай хожалығының баслығы Б.Турдыбаев. – Ҳәзирги ўақытта 750 гектар майданда туқымнан, 450 гектар майданда нәлден сексеўил егиў жумысларын алып барыў ушын таярлық жумыслары алып барылмақта.
Хожалық тәрепинен 2021-жыл даўамында 51354 килограмм сексеўил, қарабарақ, қандым ҳәм саяманлы терек туқымлары таярланды. Ҳәзирги ўақытта 3 миллион 581 мың түп нәл таярланбақта.
Хожалығымыз тәрепинен 2020-жыл даўамында 1 миллиард 246 миллион сум, 2021-жылдың 9 айы даўамында 1 миллиард 15 миллион сум қосымша дәрамат табылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги ПҚ-4850-санлы қарарына муўапық, 2021-жылда кредит қаржылары есабынан 10 сотих жерге ыссыхана қурылып, бүгинги күнге шекем бул жерден 35-40 миллион сум дәрамат таптық.
Хожалықтың жәрдемши тараўында ҳәзирги ўақытта 2 бас жылқы, 658 бас қой-ешки, 300 таўық, 150 үйрек ҳәм ғазлар және 70 қоян бағылмақта.
БМШтың көп шериклилик траст фонды жәрдеминде Тахтакөпир мәмлекетлик тоғай хожалығына 2020-2021-жыллар даўамында жәми 4 миллиард 800 миллион сумлық техника ҳәм үскенелер алып берилди. Атап айтқанда, «Беларусь» маркалы эксковатор, «ИСУЗУ» жүк автомашинасы, роторлы косилка, тиркемели кепсерлеў агрегаты, вагон-үй, электр-движок, суў ҳәм жанылғы тасыў ушын тиркеме ыдыслар, рация, палатка, вагон печи сыяқлы улыўма саны 50 ден аслам керекли әсбап-үскенелер алып берилди.
Булар ҳәзирги ўақытта тоғай хожалығының жумысларына үлкен жәрдемин тийгизип, жумысларымызды әдеўир жеңиллетпекте. Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған ултанына тоғай егиў жумысларының көлеми өсти. Нәлханалар жаратыў ушын жерлерди таярлаў жумысларының сапасы артты ҳәм жетистирилетуғын нәллердиң түрлериниң көбейиўине ерисилди. Мәдений тоғайлар, мийўе бағы, нәлхана, дәрилик егинлердиң плантациялары ҳәм аўыл хожалығы егинлерин егиў, суўғарыў жумысларын алып барыўда көплеген қолайлықларға ийе болдық. Тазадан жерлер ашып айланысқа киргизиў, жап-салмаларды қазыў, ески суў жолларын тазалаў мүмкиншиликлери жаратылды.
Алып барылып атырған жумыс көлеминиң өсиўи нәтийжесинде жаңа 12 жумыс орны жаратылды.
Алдынғы жыллары мәдений тоғай егиў 2000-2200 гектар болған болса, таза техника келгенли берли оның майданы 4500-5000 гектарға өсип, егинлерди сапалы түрде ҳәм өз ўақтында егиў мүмкиншилиги пайда болды. Сондай-ақ, нәлханалардың майданы 10-12 гектардан, 45-50 гектарға кеңейди. Клён, ясень сыяқлы тереклерди, сирия әтир гүли сыяқлы дәрилик егинлерди локализациялаў, нәллерин көбейтиў жумыслары нәтийжели түрде алып барылмақта. Шөл өсимликлериниң туқымын таярлаў көлеми 8-10 тоннадан 55-65 тоннаға көбейди.
Жумысшыларды өз жумыс орынларына жеткериў, бир орыннан екинши орынға көшириў, жумыс орынларында ўақтынша жасаў шараятларын жақсылаўда вагон-үй ҳәм палаткалар жәрдеминде көплеген қолайлықлар жаратылды. Таярланған туқым ҳәм нәллерди тоғай егиси алып барылатуғын орынға қысқа ўақытта сапасы сақланған ҳалда жеткериў мүмкиншилиги жаратылды.
Алдағы ўақытлары және 20 сотих жерге ыссыхана қурыў ҳәм басқа да жумысларымызды кеңейтиў арқалы, жаңа жумыс орынларын жаратыў, дәраматымызды көбейтиў режелеримиз бар.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги