Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды уллы байрам – Өзбек тили байрамы күни менен қызғын қутлықлайман.

Әлбетте, соңғы жылларда мәмлекетимизде жаңа руўхта кеңнен белгиленип атырған бул байрамның айрықша пайызы ҳәм көтериңкилиги бар екенлигин бәршемиз жақсы билемиз. Бул қутлы сәнеде миллий қәдириятларымыздың гүлтажы болған ана тилимиздиң тарийхымыз ҳәм тәғдиримиз, бүгинги турмысымыздағы орны менен әҳмийетин, оны раўажландырыў бағдарында алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпаларды және де терең сеземиз.

Әзиз дослар!

Кейинги жылларда Өзбекстанда барлық тараў ҳәм тармақлар сыяқлы ана тилимиздиң қәдири ҳәм абырайын және де арттырыў бағдарындағы сиясат ҳәм әмелий жумысларымыз жаңа басқышқа көтерилип атырғанынан хабардарсыз. Бул өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы статусы ҳәм абырай-мәртебесин арттырыў бойынша қабыл етилген тарийхый пәрман және қарарлар мысалында айқын көриў мүмкин.

Мине, усындай ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде ана тилимиз тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүнья жүзи көлеминде де өзиниң мүнәсип орны ҳәм статусына ийе болып бармақта. Әсиресе, ана тилимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары минберинде, үлкен сиясий саммит ҳәм ушырасыўларда мақтаныш пенен жаңлап, тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў қуралына айланып атырғаны бәршемизди қуўандырады.

Министрлер Кабинети қурамында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти ҳәм Өзбек тилин раўажландырыў қоры нәтийжели жумыс алып барып, бул тараўдағы оғада әҳмийетли жумысларды муўапықластырып келмекте.

Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети қурамында әмелий филология ҳәм компьютер лингвистикасы бойынша жаңа бағдарлар ашылып, өзбек тилин ҳәр қыйлы тараўларда қолланыўға байланыслы изертлеўлер әмелге асырылмақта. Жоқары оқыў орны жанында Мәмлекетлик тилде жумыс жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў орайы, 6 арнаўлы оқыў курсы ҳәм Әлийшер Наўайы халықаралық қорының шөлкемлестирилгени де әйне усы мақсетлерге қаратылғаны менен дыққатқа ылайық болып есапланады.

Мине, усы жумыслардың үзликсиз даўамы  сыпатында жақын келешекте тийкарғы ўазыйпасы сырт еллерде өзбек тилин, мәдениятын ҳәм миллий дәстүрлеримизди кеңнен ғалаба ен жайдырыў, гуманитар байланысларды беккемлеўден ибарат болған Әлийшер Наўайы халықаралық институтының жумысы жолға қойылады.

Өткен қысқа дәўирде өзбек тилин терең үйрениў ҳәм үйретиўге хызмет ететуғын 16 китап, соның ишинде, 9 сөзлик басып шығарылғанын айрықша атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытта 5 томнан ибарат «Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлиги» фундаменталлық изертлеўи министрликлер ҳәм уйымлар, тәлим-тәрбия орынларына, мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилхана ҳәм консуллық мәкемелерине жеткерилди. Сондай-ақ, сырт ел пуқаралары ҳәм ўатанласларымызға өзбек тилин үйрететуғын онлайн платформа, өзбек тили түсиндирме сөзлигиниң мобиль қосымшасы, сырт елдеги ўатанласларымыз ушын арнаўлы веб-сайт жаратылғаны да, әлбетте, айрықша әҳмийетке ийе.

Өзбекстанның Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесине ағза болғаны Шөлкем шеңберинде экономикалық байланысларды күшейтиў менен бирге, түркий тиллер, атап айтқанда өзбек тилиниң халықаралық абырайын арттырыўға хызмет етпекте. Мәмлекетимиздиң басламасы менен бул шөлкемниң Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлығының шөлкемлестирилгени уллы ата-бабамыздың естелиги ҳәм бийбаҳа мийрасына, усындай уллы инсанларды камалға келтирген халқымызға болған жоқары ҳүрметтиң көриниси болып есапланады.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 150 миллий мәдений орай жумыс алып барып атырғаны, өзбек тили менен бирге, қарақалпақ, рус, қазақ, қырғыз, түркмен тиллеринде ғалаба хабар қуралларының жумыс алып барып атырғаны, мектеплеримизде тәлим-тәрбия процеси 7 тилде алып барылып атырғаны дүнья жүзи әмелиятындағы сийрек ушырасатуғын тәжирийбе екенин атап өтиў орынлы болып есапланады. Елимизде шет тиллерине қәнигелескен ҳәм оқыў сабақлары шет тиллеринде өтилетуғын билимлендириў орынлары санының артып атырғаны да усы тараўдағы әҳмийетли өзгерислердиң нәтийжеси болып есапланады.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Өзбек тилин және де раўажландырыў, оның мәмлекетлик тил сыпатындағы орны ҳәм абырайын буннан былай да беккемлеў бағдарында алдымызда үлкен ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалар турғанын бәршемиз жақсы аңлаймыз.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери ҳәм сырт ел пуқараларында өзбек тилин үйрениўге қызығыўшылық ҳәм итибар артып атырғанын есапқа алып, олар ушын арнаўлы сабақлықлар, сөзликлер менен қолланбалар, видео ҳәм аудиоматериаллардың көлемин арттырыў бойынша жумысларды және де күшейтиўимиз зәрүр.

Өзбек тили жанажан Ўатанымызда жасап атырған барлық пуқараларымыз ушын әзиз ҳәм қәдирли тилге айланыўы, оның тартымлылығын арттырыў ушын барлық күш ҳәм имканиятларды жумсаўымыз, усы мақсетте тек ғана дәстүрий, соның менен бирге, материаллық хошаметлеў илажларын да кеңнен қолланыўымыз керек. Атап айтқанда, тилши ҳәм сөзлик дөретиўши илимпазларымыздың, шайыр-жазыўшыларымыздың усы тараўдағы машақатлы ҳәм абырайлы мийнетин мүнәсип қәдирлеў, олардың илимий изертлеўлери, сабақлық ҳәм қолланбаларын, китап ҳәм монографияларын мәмлекетлик буйыртпа тәризинде басып шығарыў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткерип бериў ушын өз алдына бағдарлама ислеп шығып, әмелге асырыўымыз зәрүр.

Мәмлекетлик тилге байланыслы барлық мағлыўматларды өзинде жәмлеген Өзбек тили миллий корпусын жаратыўды жеделлестириў, ана тилимизди Интернет глобаллық тармағында ғалаба ен жайдырыў ҳәм усы жерде беккем орын ийелеўин тәмийинлеў, программалық өнимлердиң өзбекше қосымшаларын жаратыў жумысларын жеделлестириў де алдымызға турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!

Ҳәзирги күнде Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған жақсы умтылыс ҳәм ҳәрекетлеримизде шешиўши басқышқа көтерилмекте. Бул жолда миллий өзлигимиз, мақтанышымыз тымсалы болған ана тилимиз, сөзсиз, шексиз күш-қүдирет ҳәм илҳам дәреги болып хызмет етеди.

Мине, усындай турмыслық тәжирийбе ҳәм уллы мақсет пенен жасап атырған халқымыз бәрқулла аман болсын!

Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақларыңызға тынышлық, берекет тилеймен.

Ана тилимиз мәңги жасасын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти