«Бозатаў жайлаўы» өндирислик жайлаў кооперативи 2018-жылы аўыл халқының басламасы ҳәм БМШтың Раўажланыў бағдарламасы, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Бейимлесиў фондының «Өзбекстанның қурғақшыл районларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының климатлық турақлылығын тәмийинлеў» жойбары жәрдеминде дүзилди.

Кооператив Бозатаў районындағы «Қусхана таў» АПЖ аймағында жайласқан.

Коопертивке 1863,2 гектар жер майданы ажыратылған,-дейди «Бозатаў жайлаўы» өндирислик кооперативиниң баcлығы Бектилеў Абылов. – Бүгинги күнде кооперативке ағза болғанлардың саны 1115ке жетти. Кооператив ағзаларына тийисли 182 бас қара мал, 656 бас қой-ешки ҳәм 70 бас жылқы ҳәзирги ўақытта усы кооперативке тийисли жайлаўларда бағылмақта.

Жойбар тәрепинен кооперативтиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде суткасына 500 килограмм жасыл от-жем ислеп шығаратуғын гидропоникалық үскене қурып берилди және от-шөп майдалайтуғын үскене алып берилди. Бул 42 бас қара малды жыл даўамында жуғымлы азық пенен тәмийинлеў мүмкиншилигин жаратты. Яғный, бул 100 гектар жайлаўда ямаса 50 гектар суўғарылатуғын жерлерде жетистирилетуғын азық муғдары менен бирдей.

«Бозатаў жайлаўы» кооперативи аймағында 2 гектар майданда интенсив бағ жаратылды ҳәм фотоэлектрик станция жәрдеминде ислейтуғын бағды тамшылатып суўғарыў үскенеси қурылды. «Бозатаў» ҳәм «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында да 12 гектарлық майданда интенсив бағлар жаратылды. Ол жерлерге де бағларды тамшылатып суўғарыў үскенеси қурылды.

Интенсив бағлардан пайдаланыўшылардың саны 2685 (cоннан ҳаял-қызлар 805) ке жетти.

«Бозатаў жайлаўы» кооперативи жойбар жәрдеминде, заманагөй 80 ат күшине ийе  «SF-i0r» маркалы трактор, «MD-100» маркалы плуг, «2ПТС-4-793-03А» маркалы трактор прицепи, «RL-SV2S», «Topcon», «1.JNR.250» маркалы грейдерли лазерли планировщиклер, «RIRO-3» маркалы роторлы шөп майдалағыш, косилка, пресслеўши үскене, от-жем үскенелери комплектлери, тырмалаў үскенелери ҳәм басқа да техникалар менен тәмийинленди.

Бул атап өтилген жумыслар аўылларда жасайтуғын қара мал, қой-ешки ҳәм жылқыларына ийе пуқаралар ушын үлкен мүмкиншиликлер жаратпақта. Халық өзине тийисли шарўа малларын бағыўы ушын усындай шараятлардың жаратылғанлығынан миннетдар. Алдағы ўақытлары, усы жайлаўлардағы шарўа малларынан аймақ турғынларын бирлестирип, дәрамат табыўын шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги