Соңғы жылларда ҳүкиметимиз тәрепинен аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын жетистириў тараўында реформалар әмелге асырылып, туқымның сапасы, жетистирилген өнимниң салмағын белгилеўде әҳмийетли фактор екенлигин көрсетпекте. Аўыл хожалығында егилген туқымлардың сапасына айрықша итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-апрельдеги «Өзбекстан Республикасында туқымгершилик системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 5-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы жумысларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилип, туқымгершилик тараўын раўажландырыў бойынша анық илажлар белгилеп берилди. Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июльдеги 575-санлы қарары менен Өзагроинспекцияға берилген ўәкилликлерден келип шығып, хожалықлардың туқымлық пахта шийки затын жетистириў тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер талапларына бойсыныўы үстинен турақлы қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

– Қарақалпақстанда 2021-жылдың өниминен туқымлық пахта жетистириў ҳуқықына ийе болыў мақсетинде таңлаўларға 455 хожалық субъектлеринен арзалар қабылланған болып, соннан 337 субъект таңлаў жеңимпазы, деп табылды,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының аға инспекторы Т.Асқаров. – Таңлаўларды өткериў барысында алып барылған қадағалаў илажлары даўамында усынылған ҳүжжетлер үйренилгенинде, 27 фермер хожалықтың 42 ҳүжжетинде кемшиликлердиң бар екенлиги, 127 жағдайда баҳалаў нормаларына әмел етилмегенлиги, 134 жағдайда баллар надурыс қойылғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, 2 районда (Төрткүл, Кегейли) таңлаўлардың белгиленген мүддетлерде өткерилмегенлиги анықланып, келип шығып атырған нызамбузыўшылықлар ҳәм оларды келтирип шығарыўшы факторларды сапластырыў бойынша 7 усыныс, 4 жазба көрсетпе, 1 ескертиў берилди. Буннан басқа, Әмиўдәрья районында анықланған бир нызамбузыўшылық бойынша топланған материаллар нызамлы баҳа берилиўи ушын ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилген.

Буннан басқа, пахта-тоқымашылық кластерлериниң фермер хожалықларына туқымлық жеткерип бериўде нормативлик ҳүжжетлердиң талапларына бойсыныўы бойынша алып барылған қадағалаў илажлары даўамында 12 нызамбузыўшылық анықланып, тийисли тәсир шаралары көрилди. Атап айтқанда, шигит тарқатыў шақапшаларына шығарылған туқымлық шигитти сақлаў қағыйдаларына әмел етпегени бойынша Төрткүл районында 6, Қоңырат районында 3, Шымбай районында 2 нызамбузыўшылық анықланып, жуўапкерлердиң қарсысына ҳәкимшилик қарарлар рәсмийлестирилип, нызамлы баҳа бериў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилди.

Соның менен бирге, келеси жылдың өними ушын сапалы туқымлық қорын жаратыў мақсетинде таңлаўдан өткен 330 хожалықтың 12,5 мың гектарлық туқымлық пахта майданларын апробациядан өткериў жумыслары да қадағалаўға алынды.

Атап айтқанда, 327 хожалықтың 11 мың гектарлық майданы туқымлық пахта териў ушын жарамлы, деп табылған болса, 260 хожалықтың 1470 гектарлық майданы белгили дәрежеде жарамсыз, деп табылды. Усының нәтийжесинде, сортлылығы төмен болған 13 гектар, раўажланыўы төмен болған 407 гектар, шаңғытып жиберилген 404 гектар ҳәм басқа да агротехникалық илажлары орынланбаған 647 гектар майданлардан 2,1 мың тонна сапасыз туқымлық пахта жетистирилиўиниң алды алынды. Сондай-ақ, апробация барысында нызамбузыўшылықтың алды алыныўы ҳәм оған шараятлар жаратып беретуғын жағдайларды сапластырыў бойынша 5 (Тақыятас, Шоманай) ескертиў, 8 жазба көрсетпелер берилди.

Бүгинги күнде, 9 пахта-тоқымашылық кластерине қараслы пахта қабыллаў пунктлеринде пахтаның 5 селекциялық сортынан 13596 тонна туқымлық пахта қабыл етилди. Қабыл етилген туқымлық шийки затының 4281 тоннасы С-4727, 1292 тоннасы Шымбай-5018, 7439 тоннасы Султан, 378 тоннасы Маңғыт-1 ҳәм 204 тоннасы перспективалы жаңа сортларға туўра келеди.

Буннан басқа, келеси жылларда шигитке болған талапты қанаатландырып барыў ушын Төрткүл, Әмиўдәрья, Шымбай, Елликқала районларындағы элита туқымгершилик хожалықлары тәрепинен республикамыздың тийкарғы пахта майданларында егилип киятырған пахта сортларының элита ҳәм бирлемши туқымлық материалларынан 215 тонна жыйнап алынып, сақланбақта.

Ҳәзирги ўақытта пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм элита туқымгершилик хожалықларында жетистирилген туқымлық пахта шийки затының пахта пунктлерине жыйналыўы, сақланыўы ҳәм профилактикалық илажлардың орынланыўы қадағаланып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги