Психофизиолог, нейрофитнесс орайының басшысы Вячеслав Лебедевтиң айтыўынша, еслеўдиң төменлесиўи ҳәм мий белсендилигиниң әсте-ақырын пәсейиўи, ҳәттеки 30 жаста да  пайда болыўы мүмкин. Спутник радиосына берген интервюсинде қәниге мийдиң жумысын жақсы сақлаўға жәрдем беретуғын усылларды мәлим еткен.

Лебедевтиң айтыўынша, көбинесе адамлар отыз жасында мағлыўматты тез умытып қоя баслайды ҳәм еслеў қәбилетинен шағым етеди.

Солай етип, адам көп ўазыйпаларды орынлаўы, хат ҳәм қоңыраўларға жуўап бериўи мүмкин, бирақ ўақыттың өтиўи менен оны орынлаў қыйынласты. «Бул когнитив бузылыў деп аталады»,-деп түсиндирген шыпакер.

Қәнигениң пикиринше, жаслық ҳәм орта жаста мийдиң қартайыўының алдын алыў мүмкин. Оның сөзлерине бола, бул процессти тоқтатып қойыў жүдә аңсат. Психофизиолог мийдиң қартайыўын төменлетиў ушын саламат турмыс тәризине әмел етиўге шақырған.

«Уйқы, аўқатланыў ҳәм физикалық белсендилик – бул үш тийкарғы элемент. Егер олардан бири жетиспей атырған болса-яғный биз жаман аўқатлансақ, ямаса тәртипсиз уйқылап яки аз ҳәрекет етсек саламатлық ушын аўыр қәўип туўылады. Бул бизиң когнитив саламатлығымыз сүйенетуғын үш үстин»,-деп атап өткен Лебедев.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги