Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-октябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң видеоконференция тәризинде өткен юбилей мәжилисинде қатнасты.

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың басшылығында өткен саммит жумысында Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян, Молдова Республикасының Бас министри Наталья Гаврилица, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев та қатнасты.

Күн тәртибине муўапық делегациялардың басшылары шөлкем жумысының 30 жыллық дәўиринде көп тәреплеме бирге ислесиўдиң раўажланыўы ҳәм ерисилген жетискенликлер бойынша пикир алысты, экономикалық, ҳуқықый ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда, сондай-ақ, региондағы қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа қәўип туўдырып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдеги бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелерин көрип шықты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҒМДА шеңбериндеги шерикликти беккемлеўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша көзқарасын билдирди.

Дослық Аўқамы мәмлекетлеринде турақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Пандемия ақыбетлери өз тәсирин көрсетип атырған бүгинги шараятта саўда-экономикалық шерикликте унамлы пәт сақланып қалмақта. Соның ишинде, усы жылдың басында Өзбекстанның ҒМДАдағы бирге ислесиўшилери менен еки тәреплеме саўда көлеми дерлик отыз процентке артты. Ҳәзирги ўақытта товар алмасыў көрсеткишлери ҳәм муғдар, ҳәм сапа жағынан артып бармақта.

Соның менен бир қатарда Дослық Аўқамы орталығында еркин саўда аймағының бурынғысынан басқаша тәризде ҳәм шеклеўлерсиз, толық түрде  жумыс алып барыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен комплексли таллаў тийкарында бирлеспе шеңбериндеги саўда сиясатын буннан былай да либералластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў көрсетилип өтилди.

Биргеликтеги жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнестиң узақ мүддетли жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Президенти санаат кооперациясын раўажландырыўды ҒМДА орталығының 2022-жылғы экномикалық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселеси сыпатында белгилеўди усыныс етти.

Бүгинги күнде Өзбекстанның басламасы менен бирге ислесиў бойынша тийисли узақ мүддетли бағдарлама таярланбақта. Келеси жылы мәмлекетимизде Дослық Аўқамында санаат кооперациясы бойынша форум ҳәм көргизбе өткериледи.

Мәмлекетимиз басшысы нәтийжели регионлараралық ҳәм трансконтиненталлық транспорт коридорлары системасын, соның ишинде, жүк тасыў тарифлерин төменлетиў ҳәм тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў арқалы буннан былай да раўажландырыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты.

Өзбекстан биргеликтеги инновациялық бағдарламаларды жедел алға қойыў ҳәм жас исбилерменлерди тартқан ҳалда стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаўдың да тәрепдары болып есапланады. Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң технологиялық ҳәм IT-парклери арасындағы бирге ислесиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў басламасы алға қойылды.

ҒМДА Экономикалық кеңесиниң жумысына мәмлекетлердиң исбилерменлик топарлары ҳәм аймақларының ўәкиллерин тартыў арқалы кеңестиң жумысын күшейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Буннан тысқары, климаттың өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм «жасыл» күн тәртибин алға қойыў, биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў, мийнет базарын жетилистириў, өз-ара туристлердиң ағымын қайта тиклеў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Аўғанстандағы жағдай ҳаққында сөз етип, Өзбекстан Президенти аўған халқына гуманитарлық ҳәм экономикалық жәрдемди даўам еттириў мақсетке муўапық екенин атап өтти.

Соның менен бирге терроризм ҳәм наркотрафикке қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында Өзбекстан ҒМДА мәмлекетлери халықларының абаданлығы жолындағы шерикликте анық нәтийжелерге ерисиў мақсетинде конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм тығыз бирге ислесиўде исенимли екенин тастыйықлады.

Саммит жуўмағында шөлкемниң 30 жыллығы мүнәсибети менен билдириў, биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, миграция тараўларында бирге ислесиў ҳаққында билдириўлер, Жоқары судлар ўәкиллериниң  кеңесин дүзиў ҳаққында келисим ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарларына байланыслы басқа да бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

 

ӨзА