Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң видеоәнжуман түриндеги гезексиз мәжилисинде қатнасты.

Илаж Өзбекстан 2020-жыл декабрь айында Евроазия экономикалық аўқамы жанындағы бақлаўшы мәмлекет статусын алғанынан берли бул интеграциялық бирлеспениң мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында болып өткен үшинши саммити болды.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында болып өткен саммитте Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, ЕАЭА жанындағы бақлаўшы мәмлекет-Куба Республикасы Президенти Мигель Бермудес ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы Коллегия баслығы Михаил Мясникович қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинен көп тәреплеме экономикалық шерикликти және де беккемлеў, сондай-ақ, саўда, санаат кооперациясы, транспорт-транзит потенциалын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, санластырыў, «жасыл» экономика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлар бойынша әмелий бирге ислесиўди алға қойыў мәселелери орын алды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстанның тәбийғый саўда ҳәм экономикалық бирге ислесиўшилери – ЕАЭА мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп берди.

Атап айтқанда, пандемия шараятларында мәмлекетимиздиң Шөлкемге ағза мәмлекетлер менен товар алмасыў көлеми турақлы артып баратырғаны атап өтилди. Евроазия экономикалық комиссиясы менен жедел бирге ислесиў жолға қойылды, биргеликтеги Жумысшы топар өз жумысын баслады. Буннан тысқары, Евроазия раўажланыў банки менен бирге ислесиў бойынша перспективалы жойбарлар таярланбақта.

Саўда-экономикалық байланысларды жолға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириў зәрүр екенин айрықша атап өтип, Өзбекстан жетекшиси өз-ара саўдадағы тосқынлықларды сапластырыў, техникалық регламентлер ҳәм стандартларды сәйкеслестириў, бажыхана тәртиплерин санластырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н ислеп шығыў усынысын алға қойды.

Өзбекстан санаат кооперациясын тереңлестириў арқалы регионлараралық қосымша қун шынжырларын жаратыўда бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екени атап өтилди. Ташкент қаласында ҳәр жылы «Иннопром-Орайлық Азия» санаат форумының өткерилиўи оның ушын жаңа имканиятлар ашады.

Президентимиз миллий экономикалардың турақлы раўажланыўында әҳмийетли фактор сыпатында транспорт жоллары тармағын ҳәм логистика инфраструктурасын жетилистириў әҳмийетли екенине итибар қаратты.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан тәрепинен Россия ҳәм Қазақстан менен биргеликте жолға қойылып атырған зәрүр товарларды тез ўақыт ишинде өз-ара жеткерип бериў бойынша «Агроэкспресс» жойбарына қосылыўға мирәт етти.

Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелериниң айрықша үлкен әҳмийетин есапқа алып, Өзбекстан Президенти бул бағдардағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў арқалы тараўдағы бирге ислесиўдиң жаңа ноқатларын излеў әҳмийетли екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз ЕАЭА шеңбериндеги санлы трансформация процесслеринде қатнасыў, әмелий тәжирийбе алмасыў ҳәм алдыңғы технологиялардың өз-ара трансферинен мәпдар екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы экология мәселелерине айрықша итибар қаратып, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў бойынша өз-ара муўапықласқан илажлар зәрүр екенин атап өтти.

Өзбекстан Президенти бирге ислесиўши мәмлекетлерди Аралбойында экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағын жаратыў бойынша биргеликтеги жойбарларда белсене қатнасыўға шақырды және келеси жыл сентябрь айында Нөкис қаласында өткерилетуғын «Жасыл» энергетика бойынша халықаралық форумға мирәт етти.

Буннан тысқары, бирлеспе шеңберинде жаратылған Климат мәселелери бойынша жоқары дәрежедеги жумысшы топар менен бирге ислесиўди жолға қойыў басламасы алға қойылды.

Өзбекстан жетекшиси сөзиниң жуўмағында саммит жуўмақлары ЕАЭА мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм тығыз шерикликти алға қойыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

 

ӨзА