Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) Африка мәмлекетлеринде көп жыллар даўамында өткерилген сынақлардан кейин безгекке қарсы дүнья жүзиндеги дәслепки вакцина – «Mosquirix»ти қолланыўды мақуллады. Бул ҳаққында Deutsche Welle агентлиги хабар берди.

Белгили болыўынша, 2019-жылдан берли ЖДСШ Гана, Кения ҳәм Малавиде 800 мыңнан аслам балаларда усы вакцинаның нәтийжелилигин үйренген.

ЖДСШ бас директоры Тедрос Аданом Гебрейесус бул ўақыяны «тарийхый мәўрит» деп атады ҳәм вакцинадан пүткил дүнья жүзи пайдаланыўы мүмкин екенлигин атап өтти.

Еслетип өтемиз, 1987-жылы Британияның GlahoSmithKline фармацевтика компаниясы (GSK) тәрепинен безгекке қарсы «RTS», «S» ҳәм «Mosquirix» вакциналары ислеп шығылған еди.

Бирақ Африкада ҳәр жылы 400 мыңға шамалас пуқара безгектен қайтыс болады, олардың көбиси бес жасқа шекем болған балалар болып есапланады. Салыстырып қарасақ, 2019-жылы мәмлекетте 386 мың адам безгек қурбаны болған, 212 мың адам болса COVID-19  дан қайтыс болған.

– Африкалы илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған бул вакцина безгектиң алдын алыў қуралы сыпатында ҳәр жылы он мыңлаған жаслардың өмирин сақлап қалыўы мүмкин,- деген ЖДСШ бас директоры.

Безгек – адамларға шыбын шағыў арқалы жуғатуғын кеселлик болып есапланады. Онда температура, қалтыраў ҳәм баўырдың кеңейиўи ҳәм кемқанлық сыяқлы белгилер болады. Ҳәр жылы шама менен 350-500 миллион адам усы кеселикке шатылады. Олардың дерлик 1,3-3 миллионы болса қайтыс болады.

 

ӨзА