2021-2022-оқыў жылынан баслап:
– Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясының квотасы таяныш докторантурада оқып атырған докторантлар ҳәм магистратура басқышы студентлери ушын еки есеге көбейтилип, тийисли түрде 10 ҳәм 22 етип, сондай-ақ, бакалавриат басқышы студентлери ушын болса ҳәр бир жоқары оқыў орнына биреўден етип белгиленбекте.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 9-сентябрьдеги “Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған қәбилетли жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы пәрманында атап өтилген.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, буған шекем Президент стипендиясы улыўма Өзбекстан көлеминде бакалавриат ҳәм магистратура ушын белгиленген 11 бағдар бойынша өз алдына берилетуғын еди.
Соның менен бирге, усы пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм атақлы стипендиялар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқып атырған және республикада жумыс алып барып атырған сырт еллердиң жоқары билимлендириў шөлкеминиң филиаллары ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкемлериниң бакалавриат басқышы студентлери ушын да енгизилмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.