«Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў орайы «ӨЗБЕКСТАН: САЙЛАЎ – 2021» темасындағы жәмийетшиликтиң пикири телефон сораўларының үшинши басқышын өткерди.
Онда 2021-жыл 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы мүнәсибети менен Өзбекстан пуқараларының электорал минез-қулқының өзгешеликлери анықланды. Өзбекстанлылардың электорал көзқараслары, олардың даўыс бериўде қатнасыўға таяр екени ҳәм мәмлекеттиң сиясий турмысына тартылыў дәрежеси үйренилди.
Сораўда мәмлекеттиң түрли регионларында жасайтуғын пуқаралар, қалалар ҳәм аўыллардағылар, ерлер ҳәм ҳаял-қызлар, түрли миллет ҳәм социаллық қатламлардың ўәкиллери, экономиканың мәмлекетлик ҳәм жеке-меншик секторларында бәнт болғанлар, жаслар ҳәм орта және үлкен жастағы адамлар қатнасты.
Өзбекстанда социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўлардағы демократиялық өзгерислер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўы халықтың сайлаў процесслериниң нәтийжелилигине байланыслы электорал мәдениятында өз көринисин таппақта.
Түрли дәрежедеги сайлаўларда қатнасыў мәмлекеттиң сиясий, экономикалық ҳәм социаллық турмысына тартылған дәрежесине белгили дәрежеде байланыслы болып есапланады. Бул мәмлекет турмысының жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардағы күнделикли ўақыяларды бақлап барыў тилегинде көрсетиледи.
Телефон сораўларының мониторинги өзбекстанлылардың электорал мәденияты пуқаралардың мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысына жоқары қызығыўшылық билдиретуғынын көрсетти. Соннан, респондетлер мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық турмысын түрли дәрежедеги турақлылықта – бәрқулла (45,5 процент) ҳәм ўақты-ўақты менен (36,3 процент) бақлап барады.
Мәмлекет пуқараларының электорал белсендилиги жәҳән экономикасының конъюнктурасы өзгерип атырған ҳәм глобалласыў шараятларында мәмлекеттиң турақлы ҳәм жедел пәт пенен раўажланыўы ҳаққындағы конструктивлик жәмийетшилик пикирине байланыслы. Атап айтқанда, көпшилик респондентлер (77,6 процент) ҳәзирги ўақытта мәмлекет таңлаған раўажланыў жолы дурыс екени атап өтилди. Соның менен бирге бул көрсеткиш сораў өткерилген бир неше ай даўамында – 2021-жылдың майынан августына шекем турақлылығынша қалмақта.
Өзбекстанлылардың электорал мәденияты сайлаўшылардың алдынғы тәжирийбеге тийкарланып, сайлаўдағы қатнасыўларын баҳалаўға жетерли дәрежеде турақлы таярлығында өз көринисин таппақта. Сораўдың көрсетиўинше, Өзбекстан халқының Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жылғы сайлаўында жетерли дәрежедеги электорал белсендилиги пуқаралардың 2021-жылғы сайлаўда қатнасыўға умтылысының жоқары көринисин болжаўға имканият береди.
Изертлеўдиң анықлаўынша, сораў қатнасыўшыларының басым көпшилиги 2021-жылы Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының болып өтетуғыны ҳаққында хабардар болып есапланады.
Сайлаўалды кампаниясының барысы ҳаққындағы мәлимлемениң ең талап етилген дәреги телевидение болып есапланады (66,8 процент). Дерлик ҳәр екинши (48,1 процент) респондент мәлимлеме алыў ушын социаллық тармақ элементлерине ийе болған қосымшалар кроссплатформалы мессенджерлер, мәселен, 53l3g4amды есапқа алған ҳалда интернеттен пайдаланады.
Өткерилген телефон сораўы Өзбекстан Президентлигине болажақ сайлаўда халықтың қатнасыўға таяр екенлиги бойынша жоқары дәрежени атап өтти (88,2 процент). Бул халықтың пуқаралар тәрепинен сайлаўдың жәмийетлик-сиясий әҳмийетлилигин терең аңлаўда, ҳәр бир сайлаўшының қатнасыўы даўыс бериў нәтийжелерине тәсир етиўи мүмкин екенлигине болған исенимде көзге тасланып атырған жетерли дәрежеде айқын электорал мәденияты ҳаққында дәрек береди. Дерлик барлық жас категориядағы пуқаралар даўыс бериўде қатнасыўдың зәрүрлигин аңлайды ҳәм онда қатнасыўды өзлери ушын оғада әҳмийетли, деп есаплайды.
Улыўма етип айтқанда, өткерилген жәмийетшилик пикири сораўлары соны көрсетеди, жәмийетшиликтиң пикиринде болажақ Президент сайлаўлары мәмлекет, жәмийет ҳәм ҳәр бир пуқараның турмысында әҳмийетли сиясий ўақыя екенин аңлаў ҳәм сезиў үстинлик етеди. Көпшилик өзбекстанлылар мәмлекетте жүз берип атырған сиясий процесслер ҳәм сайлаўалды кампаниясының барысын үлкен қызығыўшылық пенен бақламақта ҳәм болажақ сайлаўлар ашық-айдынлық, объективлик ҳәм әдиллик сыяқлы демократиялық принциплер тийкарында жоқары сиясий-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик дәрежеде өтетуғынына исеним билдирмекте.
«Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетшиликтиң
пикирин үйрениў орайы
ӨзА