Орайлық сайлаў комиссиясында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы тийисли ҳүжжетлер ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңба қағазларын усынды.
Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалықларын алғанынан кейин, сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаўға кирискен еди.
Сиясий партия Өзбекстан Президентилигине көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлап, жәми сайлаўшылардың улыўма санынан кеминде бир процентиниң қолтаңбасын жыйнаўы керек екенлиги атап өтилди.
Сайлаў кодексиниң 38-статьясына муўапық, сайлаўшылар бир ямаса бир неше сиясий партияны ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды қоллап-қуўатлап қолтаңба қойыўға ҳақылы. Қолтаңба қағазы қолтаңбаны жыйнаған шахс тәрепинен өз фамилиясы, исми, әкесиниң исми көрсетилген ҳалда қол қойылады, сондай-ақ, тийисли сиясий партияның районлық, қалалық структурасының басшысы тәрепинен мөр басып тастыйықланады.
Сайлаўшылардың қолтаңбасын жыйнаў жумыс, хызмет, оқыў, жасаў орнында, сайлаўалды илажларда, сондай-ақ, үгит-нәсиятлаў ҳәм қолтаңба жыйнаў нызам менен қадаған етилмеген басқа да орынларда әмелге асырылады. Қолтаңба жыйнап атырған шахс тәрепинен сайлаўшыларды мәжбүрлеў ҳәм өзине қаратып алыўдың ҳәр қандай түри нызамда белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.
Сайлаў кодексиниң 39-статьясына тийкарланып сиясий партиялар усынған қолтаңба қағазларының дурыс толтырылғаны Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бес күнлик мүддетте тексериледи. Сайлаўшылар қолтаңбалары зәрүр санының кеминде он бес проценти ҳәм қолтаңба қағазларын қойған сайлаўшылар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар тексерилиўи керек.
Тексериў ушын сайлаўшылардың ҳәр бир сиясий партияны ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанды қоллап-қуўатлап берилген қолтаңбалары бир қыйлы муғдарда, ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық структурадан теңдей пропорцияда сайлап алынады.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы