Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде «Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық мәденият форумы ҳәм Халықаралық бақсышылық фестивалына таярлық процесслерине бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Мәденият министри Озодбек Назарбеков Өзбекстанның мәденияты, әсирлер даўамында ата-бабалардан әўладларға өтип киятырған мәдений мийрасы, қәдирият ҳәм үрп-әдетлери, туризм потенциалын дүнья жәмийетшилигине көрсетиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен усы тараўдың раўажланыўына үлкен итибар қаратылмақта. Журбасшымыздың БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында 2021-жылда Хийўа қаласында ЮНЕСКО менен биргеликте «Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық мәденият форумын өткериў усынысы және өзбек миллий бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнериниң бийбаҳа үлгилерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў мақсетиндеги «Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарардың қабыл етилиўи тарийхый ўақыя болды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» халықаралық мәденият форумына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, усы халықаралық мәденият форумы быйылғы жылдың 14-16-сентябрь күнлери Хийўа қаласында болып өтиўи белгиленди.

Форум шеңберинде Хийўа қаласында ТҮРКСАЙ шөлкемине ағза мәмлекетлер мәденият министрлигиниң гезектеги мәжилисин өткериў нәзерде тутылған. Усы илажда да бир қанша ҳүрметли мийманлар ҳәм қатнасыўшылар мәмлекетимизге келеди. Фестивальда қатнасыў ушын ҳәзирги күнге шекем ЮНЕСКО және Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкеми (АЙСЕСКО) сыяқлы халықаралық шөлкемлерден атқарыўшылар, конференция қатнасыўшылары, төрешилер коллегиясы, Халықаралық шөлкемлерден ҳүрметли мийманлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери дизимнен өткерилген.

Сондай-ақ, Ташкент қаласында Өзбекстан мәдений мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийетиниң V халықаралық конгресси, Хийўа қаласында ЮНЕСКО менен биргеликте Мәдений мийрас мәселелери бойынша халықаралық мәсләҳәт комитети кеңесиниң мәжилиси, Нөкис қаласында «Археология ҳәм туризм: потенциалды белгилеў ҳәм мийрасты басқарыў» халықаралық археология конференциясы және II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў белгиленген.

Бул дөретиўшилик жойбар бақсышылық көркем өнерин республикалық ҳәм халықаралық көлемде кеңнен үгит нәсиятлаў, Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын республикамыздың басқа да аймақларында  өткериў, Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы өзине тән атқарыў усыллары тийкарында дөретиўшилик мектеплерди «устаз-шәкирт» дәстүрлери тийкарында қайта ислеў ҳәм раўажландырыў имканиятын беретуғыны сөзсиз.

Екинши Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў орны етип Нөкис қаласы белгиленди. Фестивальда Өзбекстан Республикасы атынан қатнасыўшы шебер бақсыларды сайлап алыў мақсетинде усы жылдың 12-14-сентябрь күнлери бақсылар арасында республика көлеминде таңлаў шөлкемлестириледи.

Мәденият министрлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола, усы илажда илимий-әмелий конференциялар, сырт ел ҳәм Өзбекстан көркем өнер шеберлери және бақсы-шайырлардың концертлери өткериледи. Сондай-ақ, сейиллер, мәмлекетимиздиң дүньяға белгили шахсларының өмири ҳәм дөретиўшилик жумысы ҳаққында заманагөй усылда сахналастырылған бағдарламалар, бақсышылық көркем өнер тарийхына байланыслы көргизбе, өзбек, парсы, араб, инглис ҳәм рус тиллеринде басып шығарылған илимий-изертлеў шығармалары және илимий-ағартыўшылық әдебиятлардың презентациясы болып өтиўи режелестирилген.

Баспасөз әнжуманында бул дөретиўшилик жойбар бойынша толық мағлыўмат берилди.

 

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы