Орайлық сайлаў комиссиясының бүгин болып өткен гезектеги мәжилисинде Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросынан 9 халықаралық бақлаўшы дизимнен өткерилди.
Бул халықаралық шөлкемниң тийкарғы ўазыйпасы нелерден ибарат?
Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўларын Бюроның толық миссиясы, яғный қурамында тийкарғы топар (10-15 эксперт), 28 узақ мүддетли ҳәм 250 қысқа мүддетли бақлаўшылар арқалы мониторинг етиў ҳаққында жуўмаққа келинген.
Соны айтып өтиў керек, ДИИҲБның сайлаўларды бақлаўшы миссиясы бул – Бюроның бул тараўдағы жумысының ең көп қамтылған түри. Миссия сайлаўдың өткерилиўин оның ЕҚБШ миннетлемелерине, демократиялық сайлаўлардың басқа да халықаралық стандартларына, сондай-ақ, миллий нызам ҳүжжетлериниң қағыйдаларына сәйкеслиги көзқарасынан баҳалайды. Буннан тысқары, миссия сайлаўларды өткериў тараўын жақсылаўға байланыслы анық усынысларды ислеп шығады.
Миссия қурамына экспертлердиң тийкарғы топары, сондай-ақ, узақ мүддетли бақлаўшылар ҳәм қысқа мүддетли бақлаўшылар киреди. ДИИҲБның сайлаўларды бақлаў усылларына муўапық, әдетте СБМ даўыс бериў күнинен 6-8 ҳәпте алдын иске кириседи ҳәм сайлаў процесиниң барлық тәреплерин бақлап барады.
Бундай тәреплер қатарына нызамшылық базасы, талабанлар ҳәм сайлаўшыларды дизимге алыў системасы, сайлаў кампаниясының барысы, ғалаба хабар қуралларының роли, сайлаў округлериниң жумысы, сайлаў менен байланыслы келиспеўшиликлердиң шешилиўи, ҳаял-қызлар ҳәм миллий азшылықлардың қатнасыўы, даўыс бериў, даўысларды есаплаў ҳәм сайлаў күни нәтийжелерди қайта ислеўден өткериў процеси, сондай-ақ, сайлаўдан кейин берилген шағымлар ҳәм апелляцияларды қабыл етиў және көрип шығыў киреди.
Сайлаўларды бақлаў комиссиясының (СБМ) тийкарғы топары не менен шуғылланады?
Бириншиден, баспасөз ушын усы СБМ жумысының басланғанлығы жәрияланып, билдириў басып шығарады. Көпшилик жағдайларда миссия басшысы баспасөз әнжуманын өткереди.
Екиншиден, сайлаў кампаниясын мониторинг етеди ҳәм баҳалайды. Сайлаўларға таярлық көриў процесслерин бақлап барады. Бул бойынша мәмлекетлик уйымлар, сайлаўды өткериўши уйымлар, сиясий партиялар, талабанлар, пуқаралық жәмийети, сондай-ақ, бақлаўшылардың басқа да топарлары, жергиликли дипломатиялық жәмийетшилик ҳәм халықаралық шөлкемлер менен байланыс орнатады.
Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин ҳәм нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди, сондай-ақ, сайлаўларға байланыслы басқа да нызамларды үйренеди. Сайлаў компаниясын ЕҚБШ миннетлемелери, басқа да стандартлар ҳәм миллий нызам ҳүжжетлери көзқарасынан баҳалайды. Сиясий партиялар, пуқаралық жәмийетиниң топарлары ямаса экспертлер ҳәм басқа да тийисли шөлкемлер менен ушырасыўлар өткереди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы