Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисин комиссия баслығы З.Низомхўжаев алып барды.
Илажда сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңба бетлериниң дурыс толтырылғанлығын тексериўши эксперт топарларын дүзиў, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларының дизимин шығарыў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Дәслеп сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңба бетлериниң дурыс толтырылғанлығын тексериўши Эксперт топарларын дүзиў мәселесине итибар қаратылды.
Сайлаў кодексиниң 39-статьясына бола, сиясий партиялар усынған қолтаңба бетлериниң дурыс толтырылғанлығы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бес күнлик мүддетте тексериледи. Сайлаўшылардың қолтаңбалары зәрүр санының кеминде он бес проценти ҳәм қолтаңба бетлерине қолын қойған сайлаўшылар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар тексерилиўи зәрүр.
Орайлық сайлаў комиисиясы қолтаңба бетлериниң дурыс толтырылғанлығын тексериўши Эксперт топарын дүзиўи мүмкин. Эксперт топары қурамына ишки ислер уйымларының, әдиллик уйымларының қәнигелери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери тартылады. Қолтаңба бетлерин тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасады.
Егер Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлап алынған қолтаңба бетлериниң шерек бөлегинен көбирегин тексериў нәтийжесинде қолтаңба бетлериниң нызам бузылған жағдайда дүзилгенлиги анықланса, бул қол қойыў бетлери сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине қайтарылады ҳәм оған кемшиликлерди сапластырыў ушын еки күнлик мүддет бериледи. Егер қоллап-қуўатлаўшы шахслардың (сайлаўшылардың) қолтаңбалары саны белгиленген ең аз муғдардан және аз болып шықса, бул қолтаңба бетлери пүткиллей ҳақыйқый емес, деп табылады.
Бундай жағдайда Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияға Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабнды дизимге алыўды ямаса Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўында қатнасыў ҳуқықын бийкарлайды.
Мәжилисте Президент сайлаўында халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў мәселеси көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Сайлаў кодексиниң 33-статьясына муўапық, сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, сондай-ақ, басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар өзиниң жумысын тийисли комиссиялар тәрепинен берилген мандатлар тийкарында әмелге асырады. Мәпдар шөлкемлер өзиниң бақлаўшылары ҳаққында сайлаў комиссияларына сайлаўдан кеминде он күн алдын арза менен мәлим етеди.
Мәпдар шөлкемнен арза алынғанынан кейин бес күн ишинде сайлаў комиссиясы бақлаўшы ушын мандат береди. Басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшыларға мандатлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи. Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы ОСК қарарына муўапық Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросынан 3 халықаралық бақлаўшы дизимнен өткерилди.
Сондай-ақ, мәжилисте ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы ОСК қарарына муўапық 36 жергиликли ҒХҚ ўәкили дизимнен өткерилди. Усы күнге шекем аккредитациядан өткерилген жергиликли ҒХҚ ўәкиллериниң саны 766, сырт ел ҒХҚ ўәкиллериниң саны 48 ди қурағанын атап өтиў орынлы.
Мәжилис даўамында Т.Холдаровты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары дизиминен шығарыў ҳаққындағы қарар жойбары көрип шығылды. ОСК қарарына бола Топиболди Холдаров қайтыс болыўы себепли Олий Мажлис Сенаты ағзалары дизимнен шығарылды.
Мәжилис соңында күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы