Усы жыл 30-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде бир топар ветеранларға, министрликлер менен ҳуқық қорғаў уйымларының басшыларына «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгисин тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды елимиздиң турмысындағы ең уллы, ең әзийз байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тарийхый қысқа ўақыттың ишинде Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында алып барылып атырған ислер нәтийжесинде елимиздиң жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмысында түпкиликли өзгерислер жүз берип, халқымыздың абадан турмысын, бүгининен разы болып жасаўын, ертеңги күнге исениминиң беккемлеўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Әне усы ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда пидайылық көрсеткен, елимиздиң ғәрезсизлигин буннан былай да беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан, жәмийетимиздиң турмысына белсене қатнасып киятырған жерлеслеримиздиң мийнети өзиниң жоқары баҳасын таппақта.
Соны айрықша атап өтиў керек, байрам мүнәсибети менен 1530 жерлесимиз «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланды.
Илажда бир топар ветеранларға, министрликлер менен ҳуқық қорғаў уйымларының басшыларына «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан отставкадағы генерал-майор Ж.Шылманов, Қарақалпақстан Республикасы юридикалық техникумы директорының биринши орынбасары, «Дослық» ордениниң ийеси А.Жәнибекова, республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, мийнет ветераны Н.Сабиров, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Н.Аңсатбаев, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова шығып сөйлеп, мийнетлерин баҳалағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы