Президент Шавкат Мирзиёев Наўайы ўәлаятына сапары даўамында алдағы жылларда Өзбекстан бойлап 5 химиялық технологиялық кластердиң басқышпа-басқыш шөлкемлестирилиўин мәлим етти. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети баслығы Ш.Асадов өз каналында хабар берди.

Президент тәрепинен атап өтилген 5 кластердиң бири Қарақалпақстан Республикасында дүзилип, бул жерде кальцийленген сода, поливинилхлорид, полиэтилен ҳәм полипропилен ислеп шығарылады.

– Егер усы жойбарлар нәтийжели әмелге асырылса, 2026-жылға барып химиялық өнимлердиң көлеми быйылғы жылға салыстырғанда 3 есеге көбейеди ҳәм 2030-жылы мәмлекетимиз улыўма ишки өниминиң 7 процентин қурайды, – деп атап өткен Ш.Мирзиёев.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.