Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева 25-август күни Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Тери Хакаланы қабыл етти.

Ушырасыўда сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, сондай-ақ, билимлендириў ҳәм экология тараўларындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў, соның ишинде, парламентлераралық байланысларды жеделлестириў жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

«Европа Аўқамы – Өзбекстан» парламентлик бирге ислесиў комитети шеңберинде нәтийжели байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги де атап өтилди. Оның 15-мәжилиси 2021-жылдың ноябрь айында өткерилиўи режелестирилгенин атап өтиў керек.

Тери Хакала Өзбекстан халқын мәмлекет ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Преференциялар бас системасы плюс («GSP+») шеңберинде бенефициар мәмлекет статусын алғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул болса өз-ара пайдалы саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиўде әҳмийетли басқыш есапланады.

Мәжилисте тәреплер Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисим жойбары бойынша жумыслардың жуўмақланғанынан мәпдар екенин билдирди.

Сондай-ақ, болажақ илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мәселелери айрықша көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық сиясатқа байланыслы жағдайлар бойынша пикир алысты.

 

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

  ӨзАның хабаршысы