Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 23-август күни Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Тери Ҳакаланы қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция, билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўларындағы қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Болажақ ҳәр қыйлы дәрежедеги еки тәреплеме ҳәм регионлараралық илажлар күн тәртиби бойынша пикир алысылды.
Аўғанстандағы жағдайды есапға алған ҳалда регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизлик мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Т.Ҳакала Өзбекстанға Европа Аўқамы мәмлекетлериниң пуқараларын ҳәм басқа да шахсларды Аўғанстаннан эвакуация етиў процесинде ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.
С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы