Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамын мүнәсип күтип алыў мақсетинде  «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында август «Мәҳәллелерди абаданластырыў» айлығы деп жәрияланып, усы жыл 21-август күни улыўмахалықлық абаданластырыў қайырқомлық шембилиги болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде барлық қала ҳәм районларда, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында, мийнет жәмәәтлери менен оқыў орынларында таярлық жумыслары алып барылмақта. Байрам алдынан орынларда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» идеясын өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық және үгит-нәсиятлаў илажларының  өткерилиўи буның айқын мысалы болып табылады.

«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен алынған саат 12.00 ге шекемги мағлыўмат бойынша шембиликке жәми 482 мың 794 тен зыят адам, соннан 291 мың 094 жас  белсендилик пенен қатнаспақта .Олар тәрепинен ҳәзирге шекем  726 гектар майдан тазаланып, 688 тонна қурылыс және турмыс шығындыcы алып тасланды. 392 километр аралықтағы жап-салма тазаланды. Республикамыз бойынша 272 қойымшылық пенен 8 зыярат етиў орнында абаданластырыў жумыслары алып барылды.  Қатнасыўшылар тәрепинен 154 турақ жай оңланып, 209211  саяманлы ҳәм мийўели терек қайта исленди исленди.  Бул жумысларға 217 дана техника қатнастырылды.

Шембилик даўамында бир қатар қайырқомлық илажлары да әмелге асырылды. Атап айтқанда,  667 жәрдемге мүтәж шаңарақтың,  соның ишинде, 168  майып және кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, қайырқомлық жәрдеми көрсетилди. Бул илажларға 80 миллион 858 мың сум қаржы жумсалды.

Шембилик республикамыздың барлық аймақларында шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги