Социаллық тармақларда жаңа оқыў жылында билимлендириў процесиниң дәстүрий (офлайн) тәризде басланыўы ҳаққында тарқалған хабарлар бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги түсиник берди.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнлерде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелериниң пандемия шараятында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда билимлендириў процесин дәстүрий (офлайн) тәризде шөлкемлестириў бойынша таярлық жағдайы үйренилмекте.

Үйрениўлер нәтийжесине бола тийисли мағлыўматлар Министрлер Кабинетине бериледи. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў процесин шөлкемлестириў бойынша жуўмақлаўшы шешим тастыйықланғаннан кейин, министрликтиң сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы рәсмий түрде жәрияланады.

«Усы жерде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги студентлерди пандемия шараятында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўин, олардың ата-аналары да перзентлериниң денсаўлығына жуўапкершилик пенен қараўы ҳәм, әлбетте, вакцинация процесине белсене қатнасыўын сорап қалады.

Шаншыў студентлердиң жақсы билим алыўы менен бир қатарда өзлери ҳәм профессор-оқытыўшылардың да саў-саламат болыўын тәмийинлейди», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги