Исбилерменер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен Беруний районында елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамына бағышланып «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында ашық аспан астында илаж болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Суў хожалғы министри Ш.Ҳамроев, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри, Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов, Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Атқарыў комитети бөлим баслығы Г.Халмуратова, Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев, партияның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм районлық Кеңесиниң белсендилери, депутатлар, исбилермен ҳәм фермерлер, белгили спортшылар, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери, белсенди жаслар қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамына менен қутлықлап, ғәрезсизлик шарапаты менен елимизде ерисилген жетискенликлер менен қолға киргизилген табысларға тоқтап өтти.

Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ең уллы, ең әзийз байрамды аймақларда кеңнен белгилеў, оның шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисине бағышланған илажларды әмелге асырыў бойынша арнаўлы бағдарлама қабыл етти. Оннан гөзленген мақсет- ғәрезсизлик жылларында, әсиресе соңғы бес жылда елимиздиң турмысы ҳәм оның тез пәтлер менен раўажланыўын жаңа басқышқа алып шыққан реформалардың мазмун-мәнисин, «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи тийис!» деген идеяны өзинде жәмлеген кең көлемли жаңаланыўларды халқымыз, әсиресе, жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, бунда Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының қатнасын көрсетиўден ибарат.

Өткен қысқа дәўир ишинде адамлардың турмыс шараяты, дүньяға көз-қарасы пүткиллей өзгергенин айрықша атап өтиў керек.  Ашық-айдынлық орталығы жәмийетимиз турмысының ажыралмас бөлегине айналды. Ең тийкарғысы, пуқараларымыз елимизде жүз берип атырған әҳмийетли реформаларға разылық сезими менен жасап, өзлери де белсендилик пенен қатнаспақта.

Соны айрықша атап өтиў керек, реформалардың нәтийжеси ушын жуўапкер болған ӨзЛиДеП шөлкемлестирилгениниң дәслепки жылларында исбилерменлер ҳәм фермерлер мәпиниң қорғаўшысы сыпатында сиясий майданға шыққан болса, ғәрезсизлигимиздиң соңғы бес жылында жәмийетимиздиң барлық тараўларында  абаданлық ҳәм раўажланыў мақсетелерине бирлестириўши беккем күш сыпатында қәлиплести.

Бүгинги күни партия инсан, оның турмысы, еркинлиги, қәдир-қымбаты, талаплары ҳәм мәплери жолында шын кеўилден хызмет етиў, жәмийетимиздиң барлық белсенди қатламларын  «Жаңа Өзбекстан: биргеликте раўажланыўға қарай!» идеясының әтирапына бирлестирген ҳалда елимизде ҳәр бир инсанның абаданлығын тәмийинлеў, Үшинши Ренессанс тырнағын қурыў бағдарындағы үлкен ислерге мүнәсип үлес қосыўды өз алдына уллы ўазыйпа сыпатында қойған.

Илажда атап өтилгениндей, елимизде барлық тараўлар сыяқлы спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Жақында Японияның Токио қаласында болып өткен жазғы Олимпиада ойынларында спортшыларыдың қолға киргизген табыслары буның айқын мысалы бола алады. Олардың арасында 18 жасар қарақалпақстанлы Зайнаб Дайыбекованың қылышласыў бойынша Өзбекстан тарийхында биринши мәрте қатнасқанын айрықша атап өткен орынлы.

Илажда  «Жасорат» медалының ийеси Зайнаб Дайыбекова жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, Президентимиз тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылап атырған илажларға тоқтап өтти. Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен алға қойылған идеяларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди ҳәм партияға ағза болды.

Илаж қөркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги