Усы жыл 13-август күни Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық партия шөлкеми тәрепинен «Аймақларда шығындылар менен ислесиў жағдайы» атамасында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық партия шөлкеми Кеңеси Атқарыў комитетиниң  баслығы А.Бегимова, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў комитетиниң баслығы Б.Алиханов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтовалар шығып сөйлеп, шығындылардың қоршаған орталыққа жеткерип атырған зыяны, оны сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-сентябрьдеги «Турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети менен биргеликте «Тәбиятты шығындылардан сақлаймызӘ» сүрени астында экологиялық акциялар турақлы түрде өткерилип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында санитариялық тазалаў хызметине қамтып алыў дәрежеси 91 процентти қурамақта. Аймақларда санитариялық тазалаў хызметлерине қамтып алыў талап етилетуғын 2486 шөлкемнен 1283 и менен шәртнама дүзилген. Қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеў тараўында 5 кәрхана ҳәм екилемши шийки зат өнимлерин қабыл етиўши  9 шақапша ҳәм басқа өндирислик кәрханалар тәрепинен усы жылы 7131 тонна полиэтилен, пластмасса, қағаз, текстил, шийше, металл, техникалық май, резина, қурылыс, ағаш өнимлери ҳәм басқа шығындылар қайта исленип, бул көрсеткиш 10,02 процентти қурамақта.  Турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлерин шөлкемлестириў тараўында жеке сектордың үлеси 144 процентке, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў шақапшаларының саны 624 ке, шығындыларды топлаў контейнери 782 ге жеткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-майдағы «Турмыслық шығындыларға байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын муўапықластырыў ҳәм жетилистириў бойынша республикалық комиссияның мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылы Қарақалпақстан Республикасы «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы ушын жәми 6  миллиард 876 миллион  сум ажыратылыўы  режелестирилген болып, соннан 9 шығынды тасыйтуғын, 1 шығындыларды пресслеўши техника, 37 шығындыларды жайластырыў контейнери сатып алыў бойынша шәртнама дүзилди.

Германия Фередативлик Республикасы менен биргеликте «Турмыслық шығынды полигонларын рекультивацилаў ҳәм жаңадан полигонларды қурыў» жойбарын әмелге асырыў режелестирилген болып, соннан 120 миллион АҚШ доллары есабынан республикамызда шығындыларды бөлек-бөлек сайлап алыўшы 4 полигон ҳәм 8 шығындыларды қайта жүклеўши станция қурыў белгиленген.

Илажда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда орын алып атырған кемшиликлер сынға алынды. Оларды сапластырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Баспасөз әнжуманы қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги