Усы жыл 13-август күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жанында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша  шөлкемлестирилген штабтың мәжилиси болып өтти.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитети хызметкерлери менен Сайлаў штабының ағзалары қатнасып, партия тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм өткериў, сайлаў участкаларына көрсетилген бақлаўшылар менен ўәкилликли ўәкиллерге талабанлар додаланды.

Сондай-ақ, Сайлаў штабында дүзилген Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў, талабан ҳәм оның исенимли ўәкилиниң сайлаўшылар менен ушырасыўларын шөлкемлестириў, ӨзМТДП «Жәрдемши үгит-нәсият топары» ағзаларының сайлаў участкаларындағы партияның бақлаўшылары  ҳәм ўәкилликли ўәкиллери менен ислесиў, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы процесслерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў, онлайн пикирлесиў, сәўбет, дебат ҳәм додалаўларды шөлкемлестириў  топарларының мақсет және ўазыйпалары көрип шығылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, Орайлық Сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши  1-Қарақалпақстан сайлаў округи дүзилип, 1 миллион 158 мың 966 сайлаўшы дизимге алынған. Ҳәзирги ўақытта барлық қала ҳәм районларда  сайлаў участкаларын дүзиў ҳәм олардың комиссия ағзаларын қәлиплестириў бойынша жумыслар алып барылмақта. Усы участкаларда сайлаўдың демократиялық принциплер тийкарында өтиўи, оған таярлық көриў ҳәм даўыс бериўде, нәтийжесин анықлаўда, сайлаўда қатнасқан талабанлардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң бирдей тәмийинлеўинде паритя мәплерин гөзлеп жумыс алып баратуғын мүнәсип бақлаўшы ҳәм ўәкилликли ўәкиллерди таңлап қойыў бойынша сайлаў штабы ағзаларының пикирлери тыңланып, анық ис-режелер белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги