Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Бизнес омбудсман) аппараты тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен көрип шығыўда нызам нормаларына бойсынылыўы турақлы түрде үйренилип келинбекте.
Атап айтқанда, Нөкис қаласында исбилерменлик жумысын алып барып атырған «Автотранс ХХХ» (аты өзгертилди) жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигине жоллаған мүрәжат Өзбекстан Республикасы Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққындағы Нызамда белгиленген мүддетте көрип шығылмағанлығы анықланып, бул жағдай бойынша Бизнес омбудсманның Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы хызметкерлери тәрепинен министрге ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол рәсмийлестирилди.
Ҳәкимшилик ис жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судында көрип шығылып, ҳәкимшилик жәрийма жаза шарасы қолланылған.
Сондай-ақ, Қанлыкөл районындағы «GREEN WORLD» (аты өзгертилди) жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы тәрепинен Қанлыкөл районы ҳәкимлигине жер майданын қайтарып бериўди сораған мүрәжаты район ҳәкиминиң орынбасары тәрепинен көрип шығыўда нызамда белгиленген мүддет бузылғанлығы анықланып, оған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында протокол рәсмийлестирилди.
Ҳәкимшилик ис жынаят ислери бойынша Қанлыкөл районы судында көрип шығылып, ҳәким орынбасарына ҳәкимшилик жәрийма жаза шарасы қолланылған.
Буннан тысқары, усы жылдың өткен дәўиринде онға шамалас түрли лаўазымдағы ҳәмелдар шахслардың исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын көрип шығыўда нызам талапларын бузғанлығы анықланып, оларға суд тәртибинде жаза шараларының қолланылыўы тәмийинленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги