Усы жыл 9-август күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги Пленумы болып өтти.
Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ағзалары, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлериниң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги ӨзМТДП топарларының ағзалары, республикамыздан сайланған «Жаслар парламенти»ниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының басшысы Т.Романов сөзге шығып, партияның Сайлаўалды платформасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын жүзеге шығарыў, алда турған әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнге келип партияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басланғыш шөлкемлериниң саны 654 ке жеткен болса, партия ағзаларының саны 23 мыңнан асты. Бүгинги күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде 14, қалалық ҳәм районлық Кеңеслерде 90 депутат жумыс алып бармақта.
Өткен есап бериў дәўиринде электорат мәплерин қорғаў мақсетинде Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги ӨзМТДП депутатлық топарларының ағзалары тәрепинен жәми 397 депутатлық сораўы әмелге асырылған. Партия депутатлық топарлары ҳәм депутатлардың басламалары менен 33 ҳәмелдар шахстың есабаты тыңланды. Партия электоратының мәплерине байланыслы 42 усыныс халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги турақлы комиссиялардың мәжилислерине киргизилген. Сондай-ақ, 30 баслама-мәселе сессия күн тәртибине киргизилип, қарар қабыл етилиўине ерисилди. Демек, усы дәўир ишинде ӨзМТДП топарларының мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа байланыслы мәселелерди шешиўдеги қатнасының және де кеңейгенлигин айрықша атап өтиў тийис.
Партияның «Ҳаял-қызлар қанаты» ҳәм «Жаслар қанаты» тәрепинен депутатлар менен биргеликте «Үйме-үй» жойбары тийкарында 1470 тен аслам үйден хабар алынып, ҳаял-қызлардың машқалалары үйренилди. Анықланған машқалаларды шешиў бойынша әмелий илажлар көрилип, нәтийжеде 124 ҳаял-қыз ҳәм жас жумыс пенен тәмийинленди ҳәм 64 ҳаял-қыз ҳәм жасқа жеңилликли кредит алып бериўге жәрдем берилди.
«Хызмет-бийминнет» жойбары тийкарында партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен тәжирийбели өнерментлер менен биргеликте ең жақсы пән муғаллимлерин қатнастырған ҳалда 43 бийпул оқыў курсы шөлкемлестирилди. Оларда пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлардан жумыссыз ҳаял-қыз ҳәм жаслар билим бериў, кәсипке таярлаў, өнерментшиликке үйретиў бойынша бийпул оқытылмақта.
Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 470 ҳаял-қыздың, «Жаслар дәптери»не киргизилген 540 жастың машқалалары «Мәҳәлле кесиминде», «Пуқара кесиминде» үйренилип, соннан 356 ҳаял-қыздың, 336 жастың машқалалары унамлы шешимин тапты.
Сондай-ақ, Пленумда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлериниң конференцияларын өткериў, оларға делегатлар сайлаў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги