Нөкис районлар аралық экономикалық суды тәрепинен 2021-жылдың биринши ярымында әдил судлаўды әмелге асырыў, нызамшылықты беккемлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, усы дәӯирде исбилерменлер ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерден келип түскен 834 даўа арза кѳрип шығылып, соннан 637си қанаатландырылған, 160 арза қанаатландырылмай қалдырылған болса, 14 арза кѳрилместен қалдырылған ҳәм 23 и ис жүргизиўден қысқартылды. Соннан 88 даўа арза электрон тәризде келип түскен.
Көрилген ислер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 48 иске, ямаса 5,7 процентке өскен. Бул ислер таллап көрилгенде дерлик көпшилиги пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы болса, қалғанлары, ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықлар, кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығы, корпоратив қатнасықлар менен байланыслы, сондай-ақ, юридикалық әҳмийетке ийе болған фактлерди анықлаўға байланыслы болып табылады.
Пуқаралық ҳуқықый қатнасықлар менен байланыслы даўлар тийкарынан кредит, өним жеткерип бериў, контрактация, коммунал хызмет көрсетиў, алды-сатты, жумысты бөлип алып ислеў, ижара, қарыз, лизинг, банк аманаты ҳәм есап-санақ, қамсызландырыў, кепиллик ҳәм басқа шәртнамалардан келип шыққан.
Нөкис районлар аралық экономикалық суды жеке исбилерменлик, киши бизнес ҳәм фермер хожалықларының ҳуқықлары менен миннетлерин қорғаў бойынша да бир қанша жумыслар алып бармақта.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери даўагерлигинде жәми 111 ис, ал дийқан ҳәм фермер хожалықларының даўагерлигинде 105 ис көрилген болып, бул ислер бойынша олардың пайдасына 2 миллиард 916 миллион 930 мың сум өндириў ҳаққында шешиӯши қарарлар қабыл етилди. Усы көрилген ислер бойынша 154 даўа арза киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер, дийқан ҳәм фермер хожалықларының мәпин қорғап тийисли уйымлардан келген болса, 62 ис бойынша жеке ѳзлери тәрепинен мүрәжат етилген.
Суд мәжилислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин арттырыў мақсетинде судьялар тәрепинен 162 ис, яғный көрилген ислердиң 19,4 проценти көшпели суд мәжлислеринде көрип шығылды. Сондай-ақ, республика бюджетине 3 миллиард 661 миллион сум мәмлекетлик бажы пул өндирилип, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда бул көрсеткиш 1 миллиард 717 миллион сумға көбейген. Ықтыярый төленген мәмлекетлик бажы пул муғдары биринши инстанция судында 266 миллион 950 мың сумды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өскен.
Исте қатнасыўшы шахсларға қолайлылық жаратыў мақсетинде видеоконференц байланыс режиминде жәми 103 суд мәжилиси өткерилип, соның есабынан тәреплердиң үнемленип қалынған қәрежети 39 миллион 665 мың сумды, соның ишинде, мәмлекетлик ҳәм бюджет шөлкемлериниң қатнасындағы ислер бойынша үнемленген сумма 4 миллион 617 мың сумды қурады.
Нөкис районлар аралық экономикалық суды тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, нызамшылықты беккемлеў жолында 2021-жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳалық депутатлары Нөкис қалалық, Тақыятас, Хожели, Нөкис районлық Кеӊеслериниң сессияларында мағлыўматлар берилди. Исбилерменлик субъектлери ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлерди ҳуқықый жақтан қорғаў, олардың ҳуқықый санасын қәлиплестириў мәселелери бойынша материаллар ғалаба хабар қуралларында, веб-сайтларда турақлы жәрияланып барылды. Сондай-ақ, ҳәр бир шеректиң жуўмағы бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер ҳәм кең жәмийетшиликтиң қатнасында баспасөз әнжуманлары өткерилип, судта әмелге асырылған ислер ҳаққында мәлимлеме берип келинбекте.
З.ХАСАНОВА,
Нөкис районлар аралық
экономикалық суды баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги